Социаллық тармақлардың биринде “АДОЛАТ ҚАEРДА ТУШИБ ҚОЛДИ?” атамасында хабар тарқалды.

Бул жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етеди.

Ҳәзирги ўақытта Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында қәўипли онкологиялық кеселликлерге шалынған наўқасларды емлеў ушын қолланылатуғын дәри-дәрмақлар Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы буйрығы менен Орайласқан фондыныӊ қаржылары есабынан келеди. Ал, қалған дәри-дәрмақлар болса, емлеў диагностика стандартларына тийкарланып, мәмлекетлик бюджет есабынан биржа арқалы сатып алынып, тәмийинленип келинбекте.

Республикалық фтизиатрия ҳәм пульмонология орайында туберкулёз кеселлигин емлеў ушын қолланылатуғын биринши қатар дәри-дәрмақлары мәмлекет есабынан тәмийинленип, ҳеш қандай үзилиске ушырамайды. Туберкулёз бенен аўырған наўқасларда ушырасатуғын қосымша кеселликлер ушын зәрүр болған дәри-дәрмақлар Республикалық фтизиатрия ҳәм пульмонология орайының дәри-дәрмақлар дизимине кирмеген болса, наўқаслар рецепт тийкарында өзлери сатып алыўы белгиленген.

Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайында 2025-жылдың 5 айы даўамында дәри-дәрмақлар, бир мәртелик буйымлар, реактивлер ҳәм дезинфекциялаў үскенелери мәмлекетлик бюджет есабынан тәмийинленип, ҳеш қандай үзилиске ушырамаған. Онкогематологиялық кеселликлерди емлеў ушын қолланылатуғын дәри-дәрмақлар (Химиялық препаратлар, Антигемофил фактор, Веллибранд факторы, Октагам, Онтанат) Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы буйрығы менен Орайласқан фондыныӊ қаржылары есабынан келеди. Ал,қалған дәри-дәрмақлар болса, емлеў диагностика стандартларына тийкарланып дезинфекциялаўшы үскенелер мәмлекетлик бюджет есабынан биржа арқалы сатып алынып, тәмийинленип келинбекте. Буннан тысқары, наўқасларда ушырасатуғын қосымша кеселликлер ушын зәрүр болған дәри-дәрмақлар Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайының дәри-дәрмақлар дизимине кирмеген болса, наўқаслар рецепт тийкарында өзлери сатып алыўы белгиленген.

Емлеў-профилактика мәкемелерин қәўипсиз ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар және медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў қәрежетлери 2017-жылға салыстырғанда 5,2 есеге артты. Соның ишинде, дәри-дәрмақларға 2023-жылы 103,3 млрд. сум, 2024-жылы болса 113 млрд. 200 млн. сум қаржы ажыратылды. Буннан тысқары, 2023-жылы орайласқан ҳалда 31 млрд. 721 млн. сумлық дәри-дәрмақлар алынған болса, 2024-жылы бул қаржылар 55 млрд. 120 млн. сумға артып, тийкарғы дәри-дәрмақлар берилген (онкологиялық кеселликлер, гематоонкология ҳ.т.б.).

Ҳәзирги күнде Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалы есабында 270 автотранспорт бар болып, соннан 176 автотранспорт тез медициналық жәрдем көрсетиўде, қалғанлары болса санавиация, психиатрия бригадасы ҳәм басқа да медициналық хызметлер ушын пайдаланылады.

2023-2025-жыллар аралығында жәми 100 заманагөй тез медициналық жәрдем транспорты алып келинип, оларға GPS-trekerler ҳәм радио байланыс үскенелерин орнатыў жумыслары алып барылды.

 

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети