Өзбекстан Республикасы Президентиниң Бирлескен миллетлер шөлкеми бас ассамблеясының 2021 жыл 18 майдағы “Аралбойы аймағын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында” ғы арнаўлы резолюциясын әмелге асырыў жумыслары ҳаққындағы қарарында көрсетилген жумысларды басқышпа-басқыш орынлаў, Қарақалпақстан Республикасында даўам етип атыр. ПҚ-5202-санлы қарарының 35/36 бөлиминде көрсетилген “Нөкис Фарм” еркин экономикалық аймағында завод шөлкемлестириў көрсетилген.Усы қарарға тийкар ажратылған жер майданында, “Плазмаферез ушын инновацион қурылмалар” ислеп шығарыў заводы ушын жер майданы ажратылды. Усы ажратылған жер майданында завод қурылысының басланыў алдынан, ҚР Министрлер Кеңесиниң инвестиция ҳәм сыртқы саўда бойынша министр орынбасары Б.Хабибуллаев ҳәм ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов қатнасып заводттың қурылысының, дәслепки белгилеўши тасын қойды.
Соны айтып өтиў керек бул завод Словакия Республикасыда жайласқан “Alphavit s.r.o” компаниясы мәмлекетлик шериклик тийкарында әмелге асырылады.Завод қурылысына 4 млн доллaр, шет ел инвесторлары ҳәм коммерциялық банк кредитлери тийкарында ажратылыўы нәзерде тутылған. Бул завод Қарақалпақстанда қурылып иске тусирилсе, медициналық әсбап-ускенелерди жыйнаў ҳәм ислеп шығарыў кең турде жолға қойылады. Тез кунде завод қурылысы басланыў алдында тур. ҚР Денсаўлықты сақлаў Министрлиги Мәлимлеме хызмети
















