Медицинаға бағышланған өмир

(Яднама)

Аллаяр Досназаров 1934 жылы Тахтакөпир районында туўылды, ол 4 жасында атадан жетим қалып, жаслығынан өмирдиӊ ашшы сабақларын татыуға мажбўр болды. Анасы өз жигербентине ҳəм ата ҳəм аналық меҳрин берди. Алты жасынан мектеп босағасын атлаған Аллаяр окыуға, билим алыўға инталы болды. Ана бала урыс ҳəм урыстан соӊғы ауыр кунлерди басынан өткерди.

1950 жыл, жаз айы. Сол дəурдеги ел басшыларыныӊ бири Наурыз аға Жапаков (ол республика Министрлер Кеӊесинин баслығы еди) усынысы менен Нөкисте республика мектеп питкериушилериниӊ слётына Тахтакөпир районынан ен ағла оқыушы сыпатында Аллаяр Досназаров жиберилген еди. Слётта республиканың қалалары ҳəм барлык районларынан мектеп питкериушилери ўəкиллери қатнасты. Шығып сойлеген Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ баслығы Наурыз аға Жапаков, улкемиздиӊ биринши шыпакери, биринши хирургы Оразымбет аға Халмуратов ҳəм баскалардыӊ айткан сөзлери жас Аллаярдын қулағына корғасын болып «қуйылды».

Олардыӊ хаммесиде урыстан соӊғы аӯыр дəўрлерде халық арасында хəр қыйлы, əсиресе жудə кəўиплы жуқпалы кеселликлердиӊ көплеп ушырасып атырғаны, гей бир кеселликлердиӊ эпидемиялары адамларды көплеп набыт етип атырғаны, республикада жергиликли медицина хызметкерлериниӊ жоқтыӊ қасында екенлиги, жетиспей атырғаны, хəзир жумыс ислеп атырған медицина хызметкерлериниӊ барлыгы дерлик жоқары тəреплерден (Россия, Украина, Татарстан, Өзбекстан хəт т.б.) уақытша келип ислеп атырғаны, уақты питип олардыӊда өз уатанларына қайтып кетип атырғаны, сонлыктан суйикли ўлкемизге жергиликли халқ ўəкиллериниң ул-қызларын оқытып, жоқары тəреплерге жөнетип, жергиликли кадрлар таярлау зəрурлиги ҳаққында куйип-писип, жанлары ашып, мəселе ашық айдын айтылған еди.

Сонда Аллаярдын кеӯлинде бир ой пайда болды. Нөкистен Тахтакөпирге қайтып киятырып, əкеси колхоз баслығы болып ислеп атырған Досназар Қасымовтын бир куни суўғарылған партаӯ жерлерди атлы аралап жүрип, аты менен оқпанға түсип кетип, бели мажығып, суйеклери сынып, аяқлары ислемей қалып, дəслеп емлеуханада, сон уй шараятында узақ емленгени, медицина хызметкерлери əкесин өлимнен аман сақлап қалыуға көп урынғанлары, бирақ нейрохирург, неврапатолог ҳəм травматолог қəнигелер болмағанынан қайтыс болып кеткени көз алдына елеследи.

Өзининде 10-12 жаслар уақтында терлетпе (сыпной тиф) жуқпалы кеселлиги менен науқасланғаны, сол жылы бул кеселлик ауылындағы көп адамлардын дастығын қуртканы, балалар ата-анасынан, ата-аналар балларынан айрылып, боз-боран болып жылағанарыда есине сап ете қалды. Анасы Муслийма апа оны «жер төле»де жасырып сақлап, Алладан баласына өмир тилегени, шыпа сорағаны, бирақ тезарада жақсы болып кетпегеннен кейин, район емлеуханасына алып барғаны, олардын бахытына эпидемияны сапластырыуға жəрдемге келген Москвалы профессор Николай Рагоза, Тахтакөпир районында Москвадан келип жумыс ислеп атырған Геннадий Артамонов ҳəм Эрика Карловна Клейнвехтер (немис қызы) тəрепинен 3-айда зорға дузелгенинде еследи.

Сол рет, Тахтакөпирге табаны тийип, уйинде анасына, мектепте устазларына айтқаны «мен врач болмақшыман» деген сөзлер еди.

А.Досназаровтын нийети дузиу екен, сол жылы ТашМИ диӊ емлеу факультетине окыуға қабыл етиледи. Институтта ол Қарақалпақстанлы студентлер Р.А.Бабаназаров, С.Б.Бегжанов, С.С.Султанов, О.Абдреиов, У. Бегжанов, П.Суюнов, Б.Яхшимуратов, А.Диналиев, Ж.Ауезов, А.Уразалиев, С.Қутлымуратов, С.Жуманазаров, Ж.Кеўлимжаев ҳəм А.Мадаминовлар менен бирге тəлим алады.

Ол 1954 жылы ТашМИ диӊ 4-курсын жаксы бахалар менен тамамлаған уақтында, кутилмегенде Россиянын Самара (Куйбышев) қаласындағы СССР Қорғаныу министрлигине қараслы Куйбышев əскерий-медицина факультетине оқыуга жибериледи. Ол 1956 жылы əскерий шыпакер, медицина хызмети аға лейтенанты дəрежесинде əскерий-медицина академияны табыслы тамамлауға ериседи.

Өткен əсирдиӊ 50-жыллары Қазакстаннын қол жетпес жазықлықлары, қумлыклары, шөлистанлыклары бетте  улкен бир қурылыс басланғанынан адамлар бийхабар еди. Усы гигант қурылыс оғада қупыя есапланып, дəслепки уақытлары орайда «Дала почтасы», «Ташкент-90», «1-санлы объект» деп аталды. Бул ҳақында да санаулы адамлар ғана билди. Усы қурылысқа бириншилерден болып əскерий шыпакер, медицина хызмети аға лейтенанты, қарақалпақ жигити Аллаяр Досназаров жиберилди.

А.Досназаров өзиниӊ медицинадағы мийнет жолын Қазақстандағы Қызыл орда областыныӊ, сонғалыкта даңқы жер жарған «Байқоныр» космодромы қурылысында 1956 жылы аға шыпакер лауазымында баслады, көп уақытлар өтпей оған усы қурылыстын  санитария бөлими баслығы лауазымы исенип тапсырылады.

«Байқоныр» космодромы қурылысы жудə ўлкен болып, онда жумыс ислеуши оғада көп санлы инженерлер, қурылысшылар, алымлар, офицерлер, əскерлер, техник ҳəм баска хызметкерлер  ҳəм олардын шанарақ ағзалары дəслеп  дала палаткаларында жасады. Жақын әтирапта тиришдик жоқ, суў жоқ, ҳəмме затлар тасып əкелинеди. Жазда шажғырған ыссы, көшпели қумлықлар, Гия көгермеген шексиз далаӊлық жер. Ара-турта бир жақтан екинши жақа ушып баратырған жалғыз қанбак көзге илинеди… Қысы болса қатты аяз, қалыӊ қар, боранлы кунлери жүдə көп.

Усындай ауыр шараятта А.Досназаров 4-жыл космодром қурылысшыларына медициналық хызмет көрсетти. Аллаяр аға менен Сапаргўль апанын тунғыш перзенти Азат усы космодромда туўылған еди. Ол космодром қурылысында ислеген жыллары илимий ҳəм амелий бай тажрийбе топлады. 1957 жылы 4-октябрь кўни  ол жумыс ислеп атырған космодромнан дунья жузинде биринши есапланған «Жер жолдасы» («Спутник Земли») космосқа пəруаз етти, усы кун бизин устазымыз, кəсиплесимиз, жерлесимиз болған Аллаяр ағанын өмиринде өшпес из қалдырды.

А.Досназаровқа 1959 жылы медицина хызмети капитаны дəрежеси берилди, ауылында қалған жалғыз баслы анасыныӊ қатты наўқасланыўына байланыслы əскерий хызметтен азат етилди, ауылға кайтты. Өзи қурылысында белсене қатнасқан космодромнан 1961 жылы 12 апрель куни Юрий Гагарин космоска ушқанын еситип, бурынғы əскерий шыпакердин кеўли жəне тасқынланып кетти. Буннан сонда космодром менен байланыслы қуанышлы ўақиялар жуз берди. Мысалы 1991 жылы Москвада инженер-қурылысшы, жазыўшы Н.С.Наровлянскийдиӊ «Байқоныр усылай басланған еди» атамасындағы улкен китабы, көп нусқада баспадан шығарылды. Усы китаптыӊ бир нусқасы А.Досназаровқа «Байқоныр космодромы ветераны, ҳўрметли Аллаяр Досназаровқа беккем денсаулық узақ бахытлы өмир тилеймиз» деген сөзлерди космодром ветеранлар Кеӊеси баслығы Г.Дуров қол койып, мөр басқан, автографын жазып жибериледи. Усы китаптыӊ 61-бетинде космодром қурылысында қатнасқан, айрықша көзге тўскен шыпакерлер қатарында А.Досназаровтыӊ мийнетлерине де тоқтап өтилген. Бул Аллияр аға ҳəм оныӊ шанарақ ағзалары, кəсиплеслери, дослары, ауыласлары, шəкиртлери ушын ўлкен қуанышлы уақыяга айланды.

1959 жылы ол Қарақалпақстанға келди, Республика денсаулықты сақлау министрлигине хабарласты. ТашМИде төрт жыл бирге оқыған, республика денсаулықты сақлау министри болып 1958 жылы тайынланған кəсиплеси Р.А.Бабаназаров оныӊ əскерий хызметте əдеуир таплағанын, улкен шөлкемлестириўшилик уқыбы бар екенин сезип, инабатқа алды, республика басшылары менен келисилип министр орынбасары, емлеу бөлими баслығы лауазымына жумыс ислеуге тартады.

А.Досназаров 1961-1965 жыллары Нөкис қаласы бирлескен емлеухананыӊ бас шыпакери, 1965-1974 жыллары Нөкис қаласы денсаулықты сақлау бөлими баслығы, 1974-1976 жыллары 2-санлы Республикалык емлеухана бас шыпакери, 1976-1984 жыллары О.Халмуратов атындағы 1-санлы Республикалық емлеухана бас шыпакери, 1984-1990 жыллары Қарақалпақстан Республикасы Денсаулықты сақлау Министри лауазымларында жемисли хызмет етти, халыққа танылды, атақ-абырай тапты. Буннан сонда Нөкис қалалық денсаулықты сақлау бөлими мəкемелиринде басшы лауазымында жумыс иследи.

А.Досназаров бас шыпакер лауазымында ислеген жыллары О.Халмуратов атындағы 1-санлы Республикалық емлеухананыӊ емлеў қуўатлылығы 400 орыннан 840 орынға дейин көбейип, республика халқына қəнигелестирилген көп профилли медициналық жəрдем көрсетиў жолға қойылды, шөлкемлестирилди, жетилистирилди, рауажландырылды. 1-санлы Республикалық емлеухана республика бойынша шыпакерлер ҳəм орта буўын медицина хызметкерлериниӊ билимин жетиллистириў, оқытыў, қайта таярлау, резерв кадрлар таярлаў орайына айландырылды.

А.Досназаров министр болып ислеген жылларда республикамызда көп санлы емлеў профилактикалық мəкемелердиӊ жаӊа имаратлары пайдаланыўға берилди, республикалық, районлық емлеуханаларда жаӊа бөлим ҳəм кабинетлер шөлкемлестирилди. Көп ғана емлеу-профилактикалық мəкемелердиӊ материаллық-техникалық базалары беккемленди, олар заманагой медициналық əсбап-ускенелер, техникалар, соӊғы маркадағы лаборатория аппаратуралары, санитар автомашиналар менен тəминлениўи жақсыланды. Министр республика шыпакерлерине илим-изертлеу алып барыўға мумкиншиклер жаратты, натийжеде 15-тен аслам илим кандидатлары жетиллисип шықты. Оныӊ өзиде 1983 жылы Россия Медицина Илимлер Академиясы Орайлық илим-изертлеў институтында кандидатлық диссертация қорғап келди, ўлкемиздеги медик алымлар қатарын толықтырды.

Ҳўрметли устазымыз ҳəм əдиўли кəсиплесимиз Аллаяр аға Досназаровтын 2017 жылы «Билим» баспасынан 412-бетлик «Естен өшпес мəўритлер» мемўар-китабында «Мен бугин өзимниӊ өтмишиме бир нəзер тасласам, 1956 жылы шыпакерлик жолымда «Байқоӊыр» космодромында медицина-санитария бөлими баслығы лауазымынан баслап, сон 60 жылға шамалас республика денсаулықты сақлау тарауында хызмет етиппен, сонын 49 жылын басшы лаӯазымларда халқым ушын ҳадал хызмет еткенимди көремен» деген катарларды окыйсыз. Усыныӊ өзи ақ устазымыздың өз өмириӊ медицинаға путкиллей бағышланғанынан дерек береди.

Аллаяр ағанын Қарақалпақстан тарийхын, Тахтакөпир районы тарийхын, улкемиздиӊ медицина тарийхын, республикамызға бурынлары ҳəм хəзирги уақытлары басшылық етип атырған инсанлар, илим ҳəм мəденият ғайраткерлери, тарийхый орынлар, тулғалар, уакыялар ҳаққында сөз сойлегенде исмлер, жыллар менен анық айтып бере алған инсан болғанынан көпшиликтиӊ хабары болса керек.

Аллаяр аға жудə бахытлы инсан еди. Ол Қарақалпақстанда өзлериниӊ шыпакерлик мектебин жаратып кеткен Оразымбет аға Халмуратов, Нина Михайловна Покровская, Лилия Александровна Андреева, Гаипназар Чигинбаев, Жуманияз Ауезов, Жалимбет Кеулимжаевлар, олардан кейин тараўға араласқан Абдулла Худайбергенов, Ауезмат Каримов, Шукурилла Алымов, Аяп Сулайманов, Абдулла Сапаров, Əбдикерим Мамбеткаримов, Базарбай Оразалиев, Наурыз Ешниязов, Фаих Хайркулов, Минаж Аметов, Матьякуб Розумбетов ҳəм басқада жудə көп санлы талантлы кəнийгелер менен бирге жумыс иследи.

Ол министр лауазымында жумыс ислеген уақтында, Қаракалпакстанда бурында, сонда болмаған тарийхый уақыяларга гуўа болған едик. 1988 жылы Қарақалпақстан Республикасы халқына улыума диспансеризация өткерилди. Бул жумыслардыӊ  көлеми ўлкен болғаны ушын, жергиликли медицина хызметкрлерине Россия, Өзбекстан ҳəм басқа ауқамлас республикалардан 2 мындай медицина хызметкерлери (десантлар деп аталды) ўлкемизге жəрдемге келди, олар республикамыздыӊ қалалары ҳəм районларына бөлистрилди, олар 3 ай Қарақалпақстанда жумыс иследи. Диспансеризация жуўмағы жергиликли, отырықшы халық араларында анемия, эндокриологик, аллерголотик, онкологик, журек-қан тамырлар кеселликлери, туўыу жасындағы хаялларда экстрагенитал кеселликлер ҳəм басқада кеселликлер көплеп ушырасыўы анықланды. Анықланған кеселликлер диспнсерлик есапқа алып барылды.

Мийнет ветераны А.Досназаров 2001 жылдан өмиринин сонғы кунине дейин Өзбекстан Врачлар Ассоциациясы Қарақалпақстан бөлими Кеӊеси ағзасы, усы ассоциацияныӊ нураныйлар комитети баслығы болып, жəмийетлик жумысларда аса белсендилик көрсетти, ол ўлкемиздиӊ медицина тарийхы музейин шөлкемлестириўге, республика көлеминде атақлы медик алым ҳəм танықлы шыпакерлердиӊ юбилейлерин өткериў, дуньядан өтип кеткен кəсиплеслеримизди еслеў ҳəм қəдирлеў ислерин алып барыў сияқлы ибратлы жумысларға өзи басшылық етти.

Республика денсаулықты сақлаў тараўыныӊ көп тулғаларыныӊ бири, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген шыпакер, медицина илимлери кандидаты А.Досназаров халқымыздыӊ бийбаха байлығы болған денсаулықты сақлаў исине өзиниӊ салмақлы ўлесин қосты, өзинен өшпес из қалдырды. Той-мерекелерде медицина ямаса денсаулықты сақлаў бойынша сөз басланса, əлбетте устазымыз Аллаяр аға Досназаровтыӊ исми дəслепкилерден болып тилге алынады. Хакыйқатында да оныӊ таныс-билислери, шəкиртлери жудə көп еди. Аллаяр аға əнгимени жўдə нағасына келтирип сөз басласа, сөзлер изли-изинен қуйылып келе берер, оныӊ оқымаған китабы, газетасы, журналы жоқтай, еситпеген уақыялары қалмағандай еди. Бизлер устазымызды медицинаныӊ шежиреси, бир баска сыйып турған көп томлық энциклопедия деп есаплағанбыз.

Аллаяр аға уллы алым, пидайы шыпакер, искер басшы болыў менен бир қатар кəсиплеслерине ғамхор, қайырқом, меҳрибан инсан болды. Ҳəмме оны ҳурмет етер, төрде орны гиреўли атақлы ақсақалымыз болды. Алым, шыпакер, устаз өз дəўринде көп ғана мəмлектлик жəмийетлик жумысларды уазыйпалық лауазымына қоса алып барғанынан хабарымыз бар. А.Досназаров Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниӊ IX-X шақырығы депутаты, Нөкис қалалық кенесине 4 шақырық қатарына депутат болып сайланды, халыктыӊ исенимли ўəкили болып бирқанша көлемли жəмийетлик жумысларды əмелге асырды.

Мийнет жолын космосқа ушар кеӊисликте əскерий шыпакер болып баслап, сон медицина тарауындағы министрге деинги лауазымларды басып өткен А.Досназаровтыӊ халқы ушын ислеген хадал хызметлери, тынымсыз жемисли мийнетлери ылайық бахаланып барылды, оған Совет ауқамныӊ «Денсаулықты сақлаў ағласы» көкирек нышаны, «Қарақалпақстанға мийнети синген шыпакер» ҳурметли атағы, «Ҳурмет белгиси» ҳəм «Халықлар Дослығы» орденлери, 4 мəртебе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесинин «Ҳурмет Жарлығы», «Байқоныр космодромы» қурылысында белсендилик көрсеткени ушын Россия Космонавтлар Федерациясы Президиум бюросыныӊ қарары менен «Байқоныр космодромы ветераны», «Ю.Гагариннин космосқа ушқанына 30 жыл» ҳəм «Байқоныр космодромы қурылысына 35 жыл» медаллары берилди.

Халқымыз ийгилиги ушын соӊғы демине дейин аянбай мийнет еткен көп, жўдə көп шəкиртлер таярлаған кəдирдан устаз, əдиўли ҳəм инабатлы инсан, жəмийетлик ғайраткер, медицина пидайысы, суйикли кəсиплесимиз Аллаяр аға Досназаровтыӊ жарқын келбети заманласлары, кəсиплеслериниӊ ҳəм шəкиртлериниӊ ядында узақ сақланып қала береди.

 

 

            Алламберген Нурниязов,

Өзбекстан Врачлар Ассоциациясы
Қарақалпақстан бөлими Нураныйлар комитети баслығы,
шыпакер-журналист

 

Парахат Менглимуратов,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген
 денсаулықты сақлаў хызметкери, медицина   илимлери кандидаты.