Көз нуры – тәбиятты, әтирапымыздағы нәрселерди, дүньяны көриў қәбилетимиздиң тийкары болып есапланады. Оның дурыс жумыс ислемеўи, көриў қәбилетиниң төменлеўи үлкен қыйыншылықларды келтирип шығарады. Кексе инсанларда көздиң көриў қәбилетиниң төменлеўи жийи ушырасады, бирақ бүгинги күнде бул машқала жас өспиримлер арасында да кең тарқала баслағанлығын көриўге болады. Бул жағдай ҳәр түрли факторларға байланыслы болыўы мүмкин.
Көз нурының төменлеўиниң баслы себеплери:
- Жасқа байланыслы өзгерислер
Көплеген инсанларда көз нурының пәсейиуи 40 жастан кейин пайда бола баслайды. Көз гәўҳарының эластиклигин жойтады. Усыған байланыслы алыстан яки жақыннан көриў қәбилети төменлейди.
- Көзге артықша салмақ салыў
Ҳәзирги дәўирде экран алдында узақ ўақыт отырыў – көз нурының пәсейиўине үлкен тәсирин өткермекте. Компьютер, телефон ҳәм планшетлерди узақ пайдаланыў көз булшық етлерин талықтырып, «цифрлық көз синдромын» келтирип шығарады. Бул кеселликтиң белгилери арасында көздиң шаршаўы, қурғаўы, бас аўырыўы, ҳәм тынық көрмеў ушырасады.
- Дурыс аўқатланбаў
Көздиң саламатлығы ушын керекли А, С, Е витаминлери менен омега-3 май кислоталарына бай аўқатларды жетерли муғдарда тутынбаў көз нурының ҳәлсиреўине әкелиўи мүмкин. Әсиресе, А витамини көздиң қараңғыда дурыс көриўине жуўап береди, ал оның жетиспеўшилиги ксерофтальмия, яғный көздиң қурғаўы сыяқлы машқалаларды келтирип шығарады.
- Көз кеселликлери
Глаукома, катаракта, макулярлы дегенерация сыяқлы кеселликлер көздиң көриўин төменлетеди. Бул кеселликлер көпшилик жағдайда узақ ўақыт көзге тасланбайды, әсте-ақырын раўажланады. Ерте диагностика ҳәм емлеў иләжларын өткериў көзди сақлаў ушын әҳмийетли есапланады.
- Көзге механикалық тәсирлер менен жарақатлар жеткизиў
Көзге зыян келтиретуғын жарақатлар, химиялық тәсирлер ямаса шаншыў көз нурын кескин төменлетиўи мүмкин. Айырым жарақаттың ақыбети бирден көзге тасланбайды, бирақ ўақыттың өтиўи менен көриў қәбилети төменлеўи мүмкин.
Көз нурын қорғаў ҳәм оның алдын алыў иләжлары
- Көзди экраннан қорғаў
Көплеген қәнигелер «20-20-20» қағыйдасын усыныс етеди: ҳәр 20 минут сайын 20 секунд даўамында 20 фут (6 метр) аралықтағы белгиге қараў керек. Бул көз булшық етлериниң шаршаўын азайтады. Соның менен бирге, экранның жарықлығы менен контрастын туўрылап, бөлме жарығы менен теңлестириў керек.
- Туўры аўқатланыў
Рационға А, С, Е витаминлери менен омега-3 кислотасына бай азықлық затларды қосыў керек. Мәселен, гешир, шпинат, балық, черника, капуста, асқабақ, мәкке, брокколи, салат жапырағы, писте ҳәм мәйек өнимлери көздиң саламатлығына жақсы тәсир етеди.
- Қуяштан сақланыў
Қуяштың ультрафиолет нурлары көзге зыян келтириўи мүмкин, әсиресе, катаракта менен макулярлы дегенерацияның раўажланыўын тезлетеди. Сонлықтан, көшеге шыққанда ультрафиолет нурлардан сақлаўшы көз әйнек тағыў мақсетке муўапық болады.
- Турақлы медициналық тексериўлерден өтиў
Көз кеселликлерин ерте анықлаў әҳмийетли. Ҳәр бир адам кем дегенде жылына бир мәрте офтальмологқа барып, көзин тексертиў керек. Бул әсиресе жасы үлкен адамлар ушын әҳмийетли.
- Көз шынығыўлары
Көз шынығыўлары көриў қәбилетиниң ҳәлсиреўин тоқтата алмайды, бирақ ол көз булшық етлериниң күшин сақлаўға көмеклеседи. Мәселен, көзди жоқары-төмен, оңға-шепке қыймылдатыў ямаса узақ-жақын затларға гезек пенен нәзер салыў шынығыўлары көриўди жақсылаўға жәрдем береди.
- Дем алыс пенен уйқының жетерли муғдары
Көзде денениң басқа ағзалары сыяқлы дем алыўды талап етеди. Күнделикли жетерли уйқы көздиң шаршаўын азайтады ҳәм регенерация процесслерине көмеклеседи.
Көз нурының төменлеўи – жийи ушырасатуғын, бирақ алдын алыўға болатуғын мәселе. Дурыс күтим жасаў, экран алдында өткеретуғын ўақытты азайтыў, дурыс аўқатланыў ҳәм турақлы тексериўлер – мине усының бәршеси көзди сақлаўдың әхмийетли қадемлери болып табылады. Солай екен, бүгиннен баслап көзиңизге күтим жасаўды өз қолыңызға алыўыңызды сорап қаламыз!
(Интернет материаллары тийкарында таярланды)
Гулнара Абдиева,
ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети,
Мәлимлеме хызмети ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар топары 4-курс студенти
















