Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайыныӊ мәсләҳат поликлиника бөлиминиӊ шыпакери, «Биолаб – ЛОР» клиникасы баслығы Ақжарқын Ешимбетова телеграм топары арқалы өзиниӊ клиника жәмәәтине «Маймыл шешеги» ҳаққында тастыйықланбаған, жалған видеохабар жоллаған ҳәм бул видеохабар усы топардағы медицина хызметкерлери тәрепинен тарқалып кетиўине себепши болған.

Ақжарқын Ешимбетоваға бул ис-ҳәрекетлери ушын, оған Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 312-статьясы, 2-бәнтине тийкар орташа ис ҳақысынан 40 пайыз муғдарында жәрима жазасы қолланылды.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы тәрепинен тастыйықланған ис-режеге тийкар «Маймыл шешеги кеселлигиниӊ шеттен кирип келиўиниӊ алдын алыў ҳәм оныӊ тарқалып кетиўине жол қоймаў» мақсетинде барлық мәкеме, шөлкемлерде семинарлар өткерилмекте.

Бул видеохабардан пуқараларымыз ҳеш қандай ҳаўлықпаға берилместен, тек ғана өз денсаўлығыңызға бийпарық болмаң деймиз!

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети