Effect.uz телеграм каналында жәрияланған мүрәжат бойынша рәсмий жуўап
2022-жыл 27-сентябрь күни Effect.uz ( https://t.me/effectuz/49160 )
телеграм каналында Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы “Туўыў бөлими” баслығы, Қаҳрамон Кабуловтың, бөлимдеги хызметкерлер менен жумыс ўақтында қопал мүнәсибетте болғанлығы ҳаққында, видео жәрияланған еди.
Бул видео мүрәжат бойынша ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.
Мүрәжат ийеси менен мүрәжат мазмуны бойынша толық турде түсиник алынды ҳәм қанатландырылды.
Мурәжатты үйрениў даўамында ҳақыйқаттанда Нөкис қалалық медицина бирлеспеси “Туўыў бөлими” бас шыпакери Қаҳрамон Кабулов жумыс бабында,айырым себеплерге байланыслы қопал сөзлер қолланғанын ҳәм бул бойынша кеширим сорайтуғынын мәлим етти.
Усы мүрәжат бойынша ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Нөкис қаласы медицина бирлеспеси ҳәкимшилиги тәрепинен Қ.Қабуловқа, жумыс ўақтында бөлим хызметкерлерине қопал мүнәсибетте болғанлығы ушын ҳәм ишки тәртип қағыйдаларын қопал түрде бузғанлығы ушын интизамый шара жазасы қолланатуғынлығын мәлим етип билдиреди.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
















