Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023 жыл 11 сентябрдеги ПҚ-158-санлы Пәрманы менен тастыйықланған “Өзбекстан-2023” стратегиясында белгиленген баслы ўазыйпалардыӊ мазмун-мәнисин мийирбийкелер ортасында кеӊ ен жайдырыў, халық арасында ҳүрметке ылайық болған ҳәм өз кәсибине пидайы болған мийирбийкелерди қоллап-қуўатлаў-бундай медицина хызметкерлердиӊ билимин асырыў ҳәм олар арасында бәсекиликти тәмийнлеўди шөлкемлестириў мақсетинде: Қарақалпақстан Республикасы бойынша “Ағла мийирбийке-2024” таӊлаўыныӊ Республика басқышы болып өтти.Таӊлаўға Нөкис қаласы ҳәм район медицина бирлеспелеринен 16 қатнасыўшы қатнасып өз билимлерин ҳәм шаққанлықларын сыннан өткерди.
Таӊлаў жуўмағында 1 орынды Әмиўдәрья районы медицина бирлеспеси мийирбийкеси Казахбаева Хулкар Муззафар қызы, 2 орынды Хожели районы медицина бирлеспеси мийирбийкеси Орынбаева Арухан Аманбаевна,
3 орынды Мойнақ районы медицина бирлеспеси мийирбийкеси Махамбеалиева Айнаш жеӊимпаз деп табылып арнаўлы саўғалар менен сыйлықланды.
Таӊлаў жеӊимпазы Казахбаева Хулкар Муззафар қызы
“Ағла мийирбийке-2024” таӊлаўыныӊ Өзбекстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.
Таӊлаў концерт бағдарламасы менен даўам етти.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
















