Беруний районы медицина бирлеспесинде қурамалы операциялардыӊ бири амелге асырылды…
Күни кеше Беруний районы медицина бирлеспеси хирургия бөлиминде тәжрийбели хирург шыпакерлер тәрепинен қурамалы операциялардыӊ бири әмелге асырылды.Наўқастан 16 кг салмақтағы өспе операция жолы менен алып тасланды.Операция нәтийжели жуўмақланды.
Операция район медицина бирлеспесиниӊ хирург шыпакери Б.Оразалиев басшылығында әмелге асырылды.
Ҳәзирде наўқастыӊ жағдайы жақсы болып, шыпакерлер бақлаўында.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
















