Жаз мәўсиминде  ҳаял – қызлар жеўи  керек болған өнимлер

Жаз мәўсими саламат аўқатланыўға өтиў ушын әйне ўақты есапланады. Жумсақ палыз өнимлери  ҳәм мийўелер жеткиликли болғаны себепли ыссы күнлер ғарбыз ямаса шабдал жесе болады. Және қайсы өнимлерди жеў кереклиги ҳаққында төменде мағлыўмат берип өтемиз.

Шийе

Исиниўге қарсы қәсийетке ийе болған антотсианинлердиң кәни болған черещние ҳәм шийе түрли кеселликлер , тийкарынан , рак ҳәм жас пенен байланыслы деменсианың келип шығыў қәўипин  кемейтеди.

Ғоза

Излениўлерде ғозаны үзликсиз тәризде жеў сүт бези ракы қәўипин кемейтиўи анықланғанлығы себепли де әсиресе ҳаяллар көбирек жеўи усынылады.Сондай-ақ, ярым тойынған май кислоталары ,пайдалы клетчатка ҳәм антиоксидант жүрек – қан тамырлары саламатлығы ушын да пайдалы.

Помидор

Қурамындағы ликопин ҳәм азықлық затлар кеселликлерге қарсы гүресип, ҳаялларда ушырасатуғын айырым рак түрлери ҳәм де жүрек кеселликлери қәўипин кемейтеди. Сондай-ақ, бул палыз өниминде тери саламатлығы ҳәм жаслығын тәмийинлеўши тәбиий коллагенге толы. Бирақ оған өсимлик майы қосып пайдаланыў усыныс етиледи. Ондағы пайдалы затлар әйне май менен жақсы ерийди.

Ғарбыз

Инсәнниң суйықлыққа болған мүтәжлиги жазда ҳәр қашанғыдан да жоқары болады. Ғарбыз болса, суўды өзинде сақлаўшы өнимлер арасында жетекши есапланады. Сондай-ақ, онда жүрек  ушын зәрүр болған калий ҳәм клеткаларды зиянланыўынан сақлайтуғын антиоксидантлар көп.

Мийўелер

Қанша көп мийўе жесеңиз организмдеги тәбиий қорғаныў соншалық жақсы болады.  Олардың дерлик бәршесинде қәўипли өсимтелердиң келип шығыўының алдын алыўға жәрдем беретуғын пайдалы затлар антотсианинлер мол болады. Сол себепли де  ҳәр күни малина, тут яки соған уқсас басқа мийўелерди жеп турыў керек.

Көк чай

Жаз күнлеринде муздай көк чайдан жақсысы болмайды. Бул ишимлик организмди тетиклестиреди ҳәм жүрек ушын да пайдалы. Қурамындағы антиоксидантлар тери клеткаларын ультрафиолет нурларынан зиянланыўдан сақлайды.

Қәрели

Калий, К витамининиң кәни есапланған бул мийўе , әсиресе менопауза даўирин бастан кеширип атырған ҳаяллар ушын зәрүр. Излениўлерде  қара  қәрелини үзликсиз рәўиште қабыл етиў сүйек массасы азайыўының алдын алыўға жәрдем береди.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети