Чеснок

Күшли антиоксидант болған чеснок,қурамындағы белсенди затлар себепли қан тамырлардың тығылып қалыўы, қан басымы хәм қандағы майларды кемейттириўде әхмийетли рөл ойнайды.Бул холестеринниң қан тамырларға зыян жеткизиўиниң алдын алады.Хәр күни 1 дана чеснок жеўдиң өзи жеткиликли болады.Бирақ , сиз қанды суйықластырыўшы ,қан басымын түсиретуғын  дәрилерди жесеңиз,чеснок жеў мәсләҳат етилмейди.

Соя
Холестеринди кемейттиретуғын ,пайдалы протеинлер кәни есапланади.Онда тойынған май муғдары өншелли көп болмайды.Протеин муғдары жоқары болыўдан тысқары В1,темир,цинк,фосфор хәм магный жүрек кеселликлериниң алдын алыўда нәтийжели болып есапланады.Изертлеўлерге қарағанда, күнине 25 грамм сояны үзликсиз рәўиште қабыллаў жүрек кеселликлериниң хәўпин кемейттиреди.

Ләблеби

Ләблеби калий хәм фосфор кислотасының кәни есапланады.Бул жүда төмен калорияға ийе палыз өними .Палыз өнимлери ишинде ең тәбиий шекерди өз ишине алған өним.

Ғарбыз

Ғарбыздағы затлар қан айланыўын тәртипке салады хәм жүректи беккемлейди.

Помидор
Помидор қурамындағы ликопен себепли ол жүрек-қан тамыр кеселликлери хәм жүрек шаншыўы хәўпин кемейттиреди , қандағы холестерин дәрежесин жақсылайды.

Қызыл жүзим
Қызыл жүзим өз мәўсиминде желинсе,дәнесинен баслап шербетине шекем  саламатлық кәни болып есапланады.Қурамындағы актив затлар себепли оны жүректиң досты деўге де болады.Қызыл жүзим жақсы холестерин  HDL ди асырады, жаман холестерин LDL ди кемейттиреди.

Балық

Балық жүрек – қан тамыр кеселликлериниң алдын алады , жаман холестеринди кемейттиреди ,жақсы холестеринди асырады хәм жүрек урысын тәртипке салады.Лекин балықты қуўырмастан шоқта писириў усыныс етиледи.Ақ оркинос , ласос,скумбря,селд балығы сыяқлы майлы балықлар омега 3 май кислоталарына жүда бай болып ,жүрек кеселликлериниң алдын алады.

Алма

Күнине бир дана алма жеў жүрек кеселликлери хәўпин кемейттиреди, әсиресе жаман холестеринди кемейттиреди.

Банан
Банан минералларға бай мийўе есапланады.Ол калий элементине бай болып, жоқары қан басымы хәм жаман холестеринди пәсейтеди.

ҚР Денсаўлықты саклаў министрлиги
Малимлеме хызмети