Хабарӊыз бар, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жыл басынан берли, бир қатар мәмлекетлер менен медицина тараўында бирге ислесиўлерди әмелге асырып келмекте.
Сырт ел менен бирге ислесиў натийжесинде,жергиликли шыпакерлердиӊ сырт мәмлекетлерде тажрийбе алмасыўы ҳәм грант жойбарларында қатнасыўы ушын кеӊнен жол ашылмақта.
Бүгин тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалына, Корея Республикасы Денсаўлықты сақлаў ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги жанындағы шөлкемниӊ (KOFIH) қәнигелери қурамынан дүзилген делегация ағзалары хызмет сапары менен келди.
Хызмет сапарыныӊ мақсети, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги –Корея Республикасы (KOFIH) шөлкеми менен биргеликте “Емлеўханаларда қыстаўлы тез жәрдем жумысларыныӊ нәтийжелигин асырыў” атамасында дәстүр әмелге асырылмақта.
Министрликте ушрасыў
Соӊ мийманлар, ҚР Денсаулықты сақлаў министрлигинде болды ҳәм бул жерде оларды министрдиӊ биринши орынбасары А.Асқаров күтип алып,сәўбетлесиўлер алып барды.Мийманлар бул жерде әмелге асыратуғын жумыслары ҳәм медицина тараўы хызметкерлери менен ушрасыўын айтып өтти…
ҚР Денсаўлықты саклаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
















