Хабарыӊыз бар ҳәзирде, ҚР Денсаўлықты сақлаў тараўы мәмлекетлик қамсызландырыў системасына тийкарланып өз жумысларын баслады. Басқышпа-басқыш бул системаға өтиў бойынша бүгинги күнде бир қатар тараў қәнигелери тәрепинен жумыслар әмелге асырылмақта.Атап айтқанда кадрлар таярлаў ҳәм медицина бирлеспелерин заманагөй компютерлер менен тәмийнлеў бойынша бүгинги күнде жумыслар алып барылып атыр.
Тәжрийбе алмасыў
Мәмлектлик қамсызландырыў бойынша бүгинги күнде Ташкент қаласы ҳәм Сырдәрья ўәлаяты тәжрийбеси республика бойынша үлги етип қабылланды.Усыған тийкарланған ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм район медицина бирлеспелери медицина хызметкерлеринен қуралған исши топар ағзалары -Ташкент қаласы ҳәм Сырдәрья ўәлаятларына барып, тәжрийбе алмасып атыр.
Хожели районы медицина бирлеспесиниӊ медицина хызметкерлеринен қуралған исши топар ҳәзирде Сырдәрья ҳәм Ташкент каласында болып, мәмлекетлик қамсыздандырыўдыӊ жаӊа модели ҳәм механизимлери менен жақыннан танысыў ҳәм үйрениў жумысларын алып бармақта.
Бул исши топарға Хожели районы медицина бирлеспеси баслығы Н.Сапаев басшылық етпекте.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети