Социал тармақлардың бири “https://t.me/antikorruz” телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.me/antikorruz/28496) мүрәжат бойынша – ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиреди. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийисли қәнийгелери тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды. Үйрениўлер барысында мүрәжатта айтып өтилген Республикалық тез медициналық жәрдем орайы, Қарақалпақстан филиалына 2019-жыл май айында алып келинген 61.291.800 сумлық 2x монитор 3D функциялары менен камераны тегислеў үскенеси орнатылып, автотранспортларды оӊлаў жумысларында пайдаланылған. Лекин 2022-жылы бул үскене орнатылған имәрат бузылып, Республикалық тез медициналық жәрдем орайы, Қарақалпақстан филиалы ушын таза имәрат бой тиклениўи себепли ҳәм бул үскенени орнатып пайдаланыўға басқа имәрат болмағанлығы себепли ҳәзирше пайдаланылмай тур. Бул үскенени орнатып пайдаланыў ушын «Опен бюджет» тийкарында қаржы утып алып арнаўлы имәрат қурылыўы режелестирилген. Үйрениў ўақтында автотранспорт басқарыўшылары менен өткерилген сәўбетте мүражатта айтып өтилген «филиалдыӊ бөлим баслығы Ф.Расуловтың өз хызмет ўазыйпасына жуўапкершиликсиз қарағанлығы себепли транспорт бөлиминдеги барлық автотранспортлардың ўақтында майлары алмастырылмағанлығы, техникалық хызмет (тех.обслуживания) көрсетилмегенлиги, аўысық бөлеклер (қосып жазып) толық берилмегенлиги мәмлекет мүлкин талан-тараж болыўына яғный көплеген автомашиналардың бүгинги күни жарамсыз ҳалға келип қалыўына себеп болмақта» деген сөзлери тастыйықланбады, автотранспорт басқарыўшылары бул гәптиӊ бийкар екенлиги, усы күнге шекем техникалық хызметке өз қәрежетинен ҳеш қандай қаржы сарыпламағанларын келтирип өтти. Сондай-ақ, мүрәжатте атап өтилген Қытай мәмлекетинде ислеп шығарылған, баҳасы 600 миллион сўмлық арнаўлы м/б 95/042 CBA болған, «ФОТОН» маркалы тез жәрдем автотранспорт ҳәм ҳәзирги ўақыттағы баҳасы 590 миллион сўмлық Японияның «ISUZI D MAX» маркалы, м/б 95/405 болған автотранспоттыӊ керекли үскенелериниӊ таўылмай атырғанлығы себепли, ҳәзирги ўақытта пайдаланылмай турғанлығы, лекин тез арада бул автотранспортлар оӊланып иске түсирилиўи тийисли тараў қәнигелери тәрепинен айтып өтилди. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги бул мүрәжатте атап өтилген кемшиликлерди ўақтында сапластырылыўын өз қадағалаўына алды. ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети