Социал тармақлардың бири “https://t.me/Kar24Uz” телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.me/Kar24Uz/37066) мүрәжат бойынша -ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мүрәжатты тезлик пенен үйренип, Хожели районы медицина бирлеспесиниӊ туўыў үйиндеги жағдай бойынша төмендегилерди мәлим етип билдиремиз. Хожели районы медицина бирлеспесиниӊ туўыў үйи бөлиминде киши оӊлаў жумыслары алып барылыўы себепли ишимлик суўы ўақтынша тармақтан үзилип қойылған. Лекин ишимлик суўы жетерлише тәмийинленип турылған, бирақ пуқара тек бос ыдысларды ғана видеода көрсетип өткен. Ҳәзир түн болыўына қарамастан, оӊлаў жумыслары даўам еттирилип ишимлик суўы тармаққа жалғанғанлығын мәлим етип билдиремиз. Сондай-ақ, Хожели районы медицина бирлеспесиниӊ туўыў үйи 10-августтан дезинфекция илажлары ҳәм киши оӊлаў жумыслары өткериў ушын жабылыўы мүнәсибети менен Хожели районыныӊ ҳәмледарлық мүддети 22 ҳәптеге шекемги ҳәмледарларына қыстаўлы көрсетпелер болған жағдайда гинекологик хызмет көрсетилиўи белгиленгенлигин, аўыр аҳўалдағы ҳәмледар ҳәм босаныўшы ҳаялларды Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына үзликсиз тез жәрдем машинасы менен алып барылыўы белгиленгенлигин қосымша мәлим етип билдиремиз.

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети