Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-декабрь күнги “Денсаўлықты сақлаў системасын санластырыўды жеделлестириў ҳәмде жедел санлы технологияларды енгизиў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-415-санлы қарарына тийкар халқымызға көрсетилип атырылған медициналық хызметлер сапалы ҳәм ҳәр тәреплеме қолай болыўы ушын тараўдағы мәлимлеме системалары жетилистирилип, медицинада жаңа электрон платформалар иске түсирилмекте. Усы мүнәсибет пенен республикамыздың бәрше аймақлардағы медицина бирлеспелердиң искерлигин санластырыў бойынша кең көлемли ислер әмелге асырылмақта. Заманагөй санлы технологиялар Қарақалпақстан Республикасындағы медицина мәкемелеринеде кирип бармақта. “Электрон поликлиника” ҳәм “Электрон емлеўхана” мәлимлеме системалары жетилистирилип, “Бирден бир медицина системасы” (ДМЕД) жаратылды. Қарақалпақстан Республикасында 188 медицина мәкемелеринде “Бирден-бир медицина информация системасы”н енгизиў бойынша реже-кестеси ислеп шығылды. Системаны енгизиўге Uzinfocom ҳәм районлық медицина бирлеспелери информация комуникация технологияларынан 70 адамнан ибарат жетерли тәжирийбеге ийе болған  IT қәнигелер қамтылған. Буның алдынғы системадан парқлы тәрепи бунда патронаж хызмети санластырылды, реал ўақыт режиминде статистикалық мағлыўматлар қәлиплестирилиўи ҳәм наўқасларға тийисли мағлыўматлары жетерли дәрежеде қорғалыўы тәмийинленген ҳәм мәлимлеме системалары өз ара интеграция етилди. “Бирден бир медицина информация системасы”ныӊ енгизилиўи есабынан төмендеги нәтийжелерге ерисилди: – Наўқас шыпакер қабыллаўында 40 минут күткен болса шыпакерге онлайн жазылыў арқалы күтиў ўақты 10 минутқа түсти; – Наўқаслардыӊ поликлиникаға  келиўи нәтийжесиндеги топланатуғын медициналық мағлыўматларды электрон түрде сақлаў имканияты жаратылды; – Система Мәмлекетлик персоналластырыў орайы, MIS-2 ҳәм Электрон ҳүкимет платформалары менен интеграция етилди; – пуқара жүзди анықлаў бағдарламалары арқалы дәрҳал хызмет көрсетиў режимине өтиледи, яғный  пуқараныӊ шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин сораў бойынша әўерегершиликлерге шек қойылды. Буныӊ нәтийжесинде қәлеген медицина мәкемелеринде наўқас ҳаққындағы медициналық мағлыўматлар реал ўақыт режиминде алыў имканияты жаратылды. Ҳәзирде ҳәр бир районда системаны әмелиятқа енгизиў ҳәм оқытыў жумыслары алып барылмақта.   ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети