Бүгин мәмлекетимиз Ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы байрамы қарсағында Нөкис қаласы «Алланияз Қаҳарман» МПЖ аймағында «ЦАРДИОМЕД НУКУС» клиникасының ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы Ф.Ерманов, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов ҳәм кең жәмийетшилик қатнасты.
Жаңа заманагөй шараятларға ийе клиника 50 орынға мөлшерленген болып, күндизги ҳәм түнги стационар, лаборатория, УЗИ, ЕКГның суткалық Холтер мониторы, тредмилл сынамасы, физеотерапия хызметлер жолға қойылған.
Клиника кардиологиялық ҳәм неврологиялық кеселликлерди емлеўге хызмет көрсетеди ҳәм жумыс баслаўы менен 15 пуқараның бәнтлиги тәмийинленген.
Жаңа клиника халық саламатлығы ушын хызмет етери сөзсиз.





















