Төрткүл районында жаңадан қурып питкерилген районлық медицина орайына қараслы туўыў комплекси имаратының ашылыў салтанаты өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң итибары ҳәм ғамхорлығы менен социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде оғада көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Ҳақыйқатында да, жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы халық ийгилиги жолындағы әмелий жумыслардың және бир айқын көриниси болды десек алжаспаған боламыз.

Айтып өтиў орынлы, қурылыс жумыслары шеңберинде Президентимиздиң 404-санлы қарары менен 13 млрд. сум қаржы ажыратылды. Усы тийкарда туўыў комплексине қосымша 70 орынлы жаңа имарат қурылып, бар болған имараты капитал оңланды ҳәм пайдаланыўға тапсырылды. Нәтийжеде, жергиликли пуқаралар, соның ишинде аналар ҳәм балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылды.