14 июнь Халықаралық донорлар күни Ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен “14 июнь Халықаралық донорлар күни” кең түрде белгиленип келинеди. Бүгин усы сәне мүнәсибети алдынан, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.И.Қурбанов ҳәм министр орынбасарлары,министрликтиң басқада қәнигелери “Инсан өмири ушын қан тапсырамыз” сүрени астында, Қарақалпақстан Республикасы қан қуйыў станциясында қан тапсырды. Әлбетте тапсырылған қан кимниңдур өмирин сақлап қалыўға ҳәм денсаўлығын қайта тиклеўде өз орнына ийе болып есапланады. Қан тапсырыў әмелияты жуўмақланғаннан соң, министр М.И.Қурбанов қан куйыў орайы медицина хызметкерлерине, 14 июнь донорлар күни-мүнәсибети менен арнаўлы медициналық автобусты саўға етти. Алдағы ўақытларда, усы медициналық автобус арқалы алыс аймақлардағы пуқаралардың қан тапсырыў имканыяты жаратылады. Бәрше заманласларымызды, сәне мүнәсибети менен кеўилли түрде қан тапсырыўға шақырып қаламыз !

  • ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети