Бәршеси  инсан  қәдири  ушын

  •      Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен районларда “Бәршеси инсан қәдири ушын” ҳәм  “Халқымыз саламатлығы ең үлкен байлығымыз”  атамасында халықты медициналық тексериўден өткериў жумыслары әмелге асырылмақта…
  •      Медициналық тексериўлерге тәжрийбели шыпакерлер ҳәм мобил автотранспорт топарлары бириктирилген.
  •      Атап айтқанда, Тахыятас  районының “Кенегес” АПЖ аймағы турғынлары ушын медициналық тексериў шөлкемлестирилди. Медициналық тексериўлер ўақтында шыпакерлерден: неврапатолог,онколог,кардиолог,окулист ҳәм басқада шыпакерлер қатнасып атыр.Районнан алыс аймақ болған “Кенегес” ҳәм “Сарайкөл” АПЖ турғынлары  ушын шөлкемлестирилген медициналық текесериў ўақтыда, үй шәраятында емленип атырған пуқаралар денсаўлығынан да хабар алынып, оларға медициналық хызмет көрсетилди.
  •      Ҳәзирде медициналық тексериўлер районларда даўам етпекте…
  •      ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети