Қоңыратлы шыпакер кәсибине ҳәм өз ўазыйпасына бийпарық болғаны ушын ис ҳақысынан қырқылды
- Усы жылдың 30 май күни социал тармақлардың бири болған Hoja.uz телеграм каналына жолланған ҳәм жәрияланған “Қоңырат районы көп тармақлы медицина бирлеспесиниң шыпакерлерине наразылық” түрдеги жазба мүрәжат бойынша рәсмий жуўап.
Hoja.uz телеграм каналына,пуқара С.Хасанованың жақыны тәрепинен жолланған мүрәжаты,Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен қадағалаўға алынды ҳәм сол күнниң өзинде ўакыяны толық үйрениў ушын министрлик қәнигелери,Қоңырат районы көп тармақлы медицина бирлеспесине жиберилди.- Мүрәжатта көрсетилген шағымлар бойынша, (Марҳум) С.Хасанованың кеселлик тарыйхын тексериў жумыслары алып барылды.Тексериў жумысларын, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты саклаў министрлиги тәрепинен дүзилген, қадағалаў топары қәнигелери алып барды.
- Уйрениўлер даўамында төмендеги қәте кемшиликлер анықланды. Марҳум, 1959 жыл туўылған С.Хасанова – 19 май күни Қоңырат районы көп тармақлы медицина бирлеспесиниң “Қоспа жарақатлар ҳәм өткир қан тамыр кеселликлери” бөлимине жатқызылады. Бөлимде тийисли шыпакерлер тәрепинен медициналық тексериўлерден өткериледи.Бирақта наўқастың жағдайы аўыр болғанлығын есапқа алып, емлеўхананың “Жанландырыў”- (Реанимация) бөлимине өткерилген. Наўқасты усы бөлимниң бас шыпакери А.Ешмаханов қабыллаған ҳәм стандарт бойынша емлеў жумысларын алып барған. “Жанландырыў” бөлиминде лаборатор тексериўлер толығы менен әмелге асырылған.
- 19 май күни УЗД шыпакери К.Өтепбергенова тәрепинен, наўқас (Марҳум) С.Хасанова толық тексериўден өткерилмеген ҳәм надурыс наўқаслық белгиси қойылған.
- Соң 20-21-22 май күнлери “Жанландырыў” бөлими шыпакерлери А.Ешмаханов ҳәм хирург У.Абдалов тәрепинен, (Марҳум) С.Хасанованы емлеў жумыслары алып барылған.
- Наўқас 23-25 май күнлери шыпакерлер Ю.Джумамуратов ҳәм Ш.Сапаров тәрепинен қайта тексерилген ҳәм асқазан жарасы бар екенлиги тастыйықланған.
- Шыпакерлер тексериўинен соң (Марҳум) С.Хасанованың емлениўи даўам еткен…
- 26 май күни наўқасты, емлеўхананың УЗД шыпакери Ф.Пирназарова қайта тексериўден өткереди.Бирақта бул шыпакер де (Марҳум) С.Хасанованың наўқаслығын дурыс баҳалай алмағанлығы анықланды. Наўқастың денсаўлығын қадағалаў ҳам емлеў “Жанландырыў” бөлими шыпакерлери тәрепинен даўам еттирилген. 26 май күни шыпакер Г.Айтжанова тәрепинен, наўқас УЗД көригинен қайта өткериледи.Сол күни наўқаста “Баўыр циррозы ҳәм оның айырым белгилери” түрлери анықланады .
- 27 май күни наўқастың жағдайы аўырласыўына байланыслы “Санавиация” тармағы бойынша шыпакер шақырттырылады.Шыпакер Б.Д.Тилеўмуратов тәрепинен наўқас қайта тексериледи ҳәм емлеў жумыслары даўам еттириледи.
- Бирақта 27 май күни наўқастың жағдайы аўырласады ҳәм әмелге асырылған реанимацион әмелиятларға қарамай, наўқаста клиник өлим жағдайы жүз береди.
- Жуўмақлап айтқанда, үйрениўлер ўақтындағы қәте кемшиликлерди сапластырыў ҳәм жуўапкер шыпакерлерге интизамый шара жазасы қолланыў жумыслары әмелге асырылады. Қоңырат районы медицина бирлеспесиниң, УЗД шыпакери К.Өтепбергеноваға, наўқас (Марҳум) С.Хасанованы толық УТТ тексериўден өткермегенлиги ҳәм өз хызмет ўазыйпасына бийпарық болғанлығы ушын, ӨР Мийнет Кодексиниң 312-статьясы 2 бөлим менен, орташа айлық ис ҳақысының 30 % муғдарында жәрийма интизамый жаза шарасы қолланылды.
- Медицина бирлеспесиниң шыпакери Ф.Пирназарова болса, усы жылдың 1 июнь сәнесинен баслап, ҳәмледарлық дем алысына шыққанлығы есапқа алынып, жаза берилмегенлигин мәлим етип билдиремиз.
- Ҳүрметли шыпакерлер инсан тәғдири менен тиккелей байланыслы болған шыпакерлик кәсибиңизди ҳүрмет етиўиңизди, наўқасларға итибарлы болыўыңызды ҳәм ҳәр бир қабыл еткен қарарыңызда инсан тәғдири бар екенлигин умытпаўыңызды соранамыз !
- ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
















