Самарқанд Түркия медицина форумында Қарақалпақстан медицинасы ушын имканыятлар есиги ашылды

 

  • Алдын хабар бергенимиздей, Самарқанд қаласында болып өткен “Самарқанд Түркия медицинасы форумы” шеӊберинде Өзбекстан медицинасы ушын бир қатар жаӊалықлар болып, ири көлемдеги меморандумлар имзаланды. Усы форумда Қарақалпақстан медицинасы ўәкиллери қатнасып,Түркия мәмлекети менен бир қатар жаӊа жойбарларды әмелге асырыў ушын келисимге еристи. Форумда, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.И.Қурбанов ҳәм бир қатар Республикалық емлеўханалардыӊ басшылары қатнасты ҳәм жақсы нәтийжелерге еристи. Атап айтқанда Түркияныӊ “Gazi Kimiya”, “Fover Group” , “Labotest” сыяқлы ири медициналық компаниялар менен шәртнамалар имзаланды.
  • Жаӊа технологиялар менен тамийнленген ҳәм еӊ соӊғы үлгидеги медицина лабораторияларын шөлкемлестириў, медициналық әсбап-үскенелерди қайта тәмийнлеў ҳәм санлы “ IT медицина” тараўын раўажландырыў бойынша келисимлер әмелге асырылды. Жақын күнлер ишинде, Түркия медицинасыныӊ ири компаниялары Қарақалпақстанда өз жумысын баслайды.

 

  • ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмет