Қақ ерик витаминге бай болып, қурытылған мийўелер ишинде инсан организмине еӊ пайдасы көп тийетуғын мийўе болып есапланады. Ерик қурытылыўы барысында витамини азайыўдыӊ орнына, керисинше артып барады.
Күш ҳәм энергия береди
Қурытылған ерик қурамында калий, кальций, темир, натрий, фосфор, магний ҳәм түрли топар витаминлери бар болып, иммунитетти беккемлейди.
Сонлықтан шыпакерлер де, қақ ерикти усыныс етеди.
Көздиӊ көриў қәбилетин жақсылайды
Қурытылған ерик А ҳәм Е витаминлериниӊ тәбиий дереги есапланады. Организмге сиӊиў ўақтында бета-каротин искерлиги артып, А ҳәм Е витаминлери менен биргеликте көз кеселликлериниӊ алдын алады. Және бир пигмент – каротеноид көриў ушын әҳимийетли. Қақ ерик көздиӊ тор пердеси ҳәм линзаларын қорғайды ҳәм кексе жастағы адамлардыӊ да көриў қәбилетин тиклеп, жақсылайды.
Кемқанлықтыӊ алдын алады
Әсиресе қурытылған мийўелерди ҳәмледар ҳаяллардыӊ рационына киритиў усыныс етиледи.Егер қақ ериктен күнине 5 данасын жеўди әдет етсе, денедеги жетиспей атырған витаминлер орынлары толып барады. Ҳәмледар ҳаялларда кемқанлықтыӊ алдын алып, зат алмасыўын толық тәмийнлеп турады.
Жүрек наўқаслықларыныӊ алдын алады
Қақ ерик басқа мийўелерге қарағанда, көплеў калийди өз ишине алады. Сонлықтан гипертония, жүрек шаншыўы ҳәм инсульт пенен наўқасланған адамлар ушын пайдалы есапланады. Үйрениўлер соны тастыйықлайды-қақ ерикти мудам жеп жүриў жоқары қан басымын пәсейтиўде ҳәм инсульт қәўпиниӊ алдын алады.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министирлиги
мәлимлеме хызмети
















