Социал тармақлардыӊ бири болған “Xaliq bilsin” ютуб каналында-Төрткүл районы медицина бирлеспесиниӊ перинатал бөлиминиӊ басқа имәратқа көшип өтиўи бойынша видео жәрияланған.

Төрткүл районы медицина бирлеспесиниӊ ески имәратында, бүгинги күнде реконструкция жумыслары әмелге асырылып атыр.Сонлықтан ишки бөлимлерди-басқа имәратқа көширип өткерилди.
Ҳәзирде басқа имәратқа ўақтынша көширилип өткерилген орынларда, пуқаралар ушын барлық имканыятлар жаратылған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 25 декабрдеги “2024-2026 жылларда Өзбекстан Республикасының социал ҳәм ислеп шығарыў инфраструктрасын раўажландырыў илажлары туўрысында”ғы
ПҚ-404-сан қарары тәмийинлеў мақсетинде, 2024 жылға Қарақалпақстан Республикасында Денсаўлықты сақлаў объектлерин қурыў, реконструктсия қылыў ҳәм капитал ремонтлаў ушын  6  объект киритилип,бүгинги күнде қурылыс ҳәм реконструктсия жумыслары әмелге асырылып атырылғанын мәлим етип билдиремиз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети