Панкреатит –асқазан асты бези зақымланыўы,онда аўқатты сиӊириўге жәрдем беретуғын ферментлер қанға араласады.
Асқазан асты бези зақымланыўында оныӊ клеткалары жоқ болып, май ҳәм углеводларды майдалайтуғын ферментлер болған липаза ҳәм амилаза қанға түседи ҳәм өткир панкреатит бақланады. Өткир панкреатитте ферментлердиӊ қанда бар екенлигин анықлаў ҳәм соған тийкар диагнозды белгилеў аӊсат.
Созылмалы панкреатитте асқазан асты безине токсинлер тәсири тоқтамаса яки аўырған ўақтында,орган жүдә жаман зақымланған болса, ўақыт өтиўи менен зақымланыў белгилери пайда болыўы мүмкин.Бул әлбетте шыпакер тексериўинен кейин белгили болады.Нәтийжеде асқазан асты бези өз ўазыйпасы менен шуғылланыўды тоқтатады.
Асқазан ферментлериниӊ секрециясы ҳәм денеге түскен аўқатты сиӊириў процесси бузылады.
ПАНКРЕАТИТТИ ҚАНДАЙ АНЫҚЛАЎ МҮМКИН ?
Өткир ҳәм созылмалы панкреатиттиӊ белгилери бир-биринен айрықша болады.Өткир панкреатиттиӊ биринши ҳәм еӊ тийкарғы белгиси бул-бел аўырыўы болады ҳәм көкрек асты,қабырға әтирапында аўырыўлар болады.Аўырыў басланған ўақытта-қайтарыў,иш өтиўи,қарында дем (ҳаўа) жыйналыўы болып өтеди.
Панкреатит белгилери сизде сезилсе-дәрҳәл шыпакер тексериўинен өтиўиӊизди мәсләҳәт беремиз.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
















