Ҳәзирде Республикамыздыӊ бир қатар районларында ҳәм Нөкис каласында халықты медициналық тексериўлерден өткериў ҳәм медициналық хызмет сапасын қадағалаў бойынша-Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты саклаў миистрлигиниӊ арнаўлы буйрығына тийкар,Республикалық емлеўханалар ҳәм орайлардыӊ шыпакерлери ҳәм директорларынан дүзилген исши топар хызмет сапарында болып үйрениў жумысларын алып бармақта.Республика қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы директоры, профессор Тилляшайхов Мирзағолиб Нигматович ҳәм өзи басшылығындғы исши топар Нөкис қаласы, Мойнақ районы,Тақыятас районы, Хожели районы медицина бирлеспелеринде болды. Орынларда халықты онкологиялық ҳәм ҳаял-қызларды маммографиялық тексериўлерден өткериў бойынша әмелдеги жумыслар менен танысып шығылды.Тийисли тараў қәнигелерине тапсырмалар берилди.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети



















