Тахтакөпир районы “А.Адилов” аўылында шаңарақ шыпакерлик пункти жумыс баслады
Президентимиздиң медицина тараўына болған айрықша итибары ҳәм бул бағдарда қабыл етилип атырған қарарлардың орынланыўының бәршеси инсан саламатлығын тиклеў ҳәм халық саламатлығын қорғаўдың тийкарғы негизи болып есапланады.
Сонлықтан шетки аймақларда да, медицина тараўының жетискенликлерин көриўимизге болады.Атап айтқанда усы жылдың өзинде, Қарақалпақстан медицинасында да жаңалықлар көп болды.Шаңарақ шыпакерлик поликлиникаларының ашылыўы ҳәм медицина әсбап-үскинелериниң алып келиниўиниң бәршеси инсан қәдири ушын хызмет етеди.
Аўыл халқының қуўанышы шексиз
Усындай жаңалықлардың бири: Тахтакөпир районы медицина бирлеспесине қараслы, район орайынан қашықлықта жайласқан “А.Адилов” атындағы аўыл пуқаралар жыйынында “Тахтакөпир” аўыллық шыпакерлик пункти жаңаланып өз жумысын баслады. Бул аўыл халқы ушын сапалы медицинадан пайдаланыў имканыятын жаратты.
Себеби аўыл халқы наўқасланған ўақтында район орайына қатнап жүретуғын еди.Енди болса аўылдың өзинде пуқараларға медициналық хызметлер көрсетилетуғын болынды.Шаңарақ шыпакерлик пунктиниң ашылыўына, Тахтакөпир районы ҳәқими Ж.Адилов ҳәм ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң биринши орынбасары А.Асқаров қатнасып шығып сөйледи.
ҚР Денсаўлыкты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

















