Нөкис қаласы, Қос көпир 12 жай турғыны, мийнет нураныйы У.Е.Аишева, Нөкис қалалық  медициналық билеспеси баслығы Ж.Тариховқа “Миннетдаршылық хат” жоллады.

Пуқара өз хатында қалалық емлеўханасыныӊ медицина хызметкерлерине өз миннетдаршылығын билдире отырып, «Мийирбийкеден баслап, жоқары тәжрийбели шыпакерлерге шекем ҳәр бир медицина хызметкерлериниӊ өз кәсибиниӊ шеберлиги, бийтаптыӊ саламатлығын тиклеўде ҳәм тезирек шыпа табыўында саўаплы ислерди әмелге асырмақта. Олар өз жумысын тез, профессионал, сапалы орынлап, бийтапларды емлеўде заманагөй усыллардан пайдаланбақта. Әсиресе олардыӊ шын жүректен ҳәм қәлбинен, бириниӊ күлимлеп, бириниӊ меҳирли сөзлери менен қарым-қатнаста болыўы бул бийтаплардыӊ емлениўинде жүдә әҳмийетли.

Әсиресе, мени емлеўши шыпакерим, кардиолог Миршад Юсупов ҳаққында айрықша атап өтким келеди. Ол өз кәсибиниӊ маманы, инсанпарўарлығы, итибары, өз хызмет ўазыйпасын шын қәлбинен орынлаўы, бийтапларға досларша мүнәсибети, сүйикли кәсибине садықлығы ушын айрықша атап өтпекшимен.

Қалалық емлеўханаӊызда жемисли мийнет етип атырған бәрше кәсип ийелерине жумысларында табыслар тилеймен!» деп өз миннетдаршылығын билдирип өткен.

Әлбетте, усындай мазмундағы миннетдаршылық ҳәр бир медицина хызметкерлерин өз кәсибине деген мақтанышлы сезимге бөлеўи ҳәм еле де халқымыздыӊ саламатлығын қорғаўда аянбай хызмет етери сөзсиз.