Ҳәр ҳәптениң сийшемби күни Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.И.Қурбановтың пуқараларды қабыллаў күни етип белгиленген. Буннан гөзленген мақсет халқымыздың медицина тараўындағы машқалалары тыңланып, тийисли тәртипте үйренип шығылып, әмелий жәрдем бериўден ибарат.
Гезектеги қабыллаўда да пуқаралардың медицина тараўындағы бир қанша мәселелер бойынша мүрәжаты тыңланды. Айырым мүрәжатларды сол орынның өзинде сапластырыў илажлары көрилген болса, үйренип шығылыўы ушын қосымша ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша тийисли тараў қәнигелерге анық тапсырмалар берилди.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети



















