Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң итибары ҳәм ғамхорлығы менен социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде оғада көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул бағдарда медицина тараўына соның ишинде, елимизде аналықты ҳәм балалықты қорғаў бағдарында жумыс алып барып атырған медицина мәкемелериниң нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Әмиўдәрья районында районлық Туўыў комплексиниң ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
Қурылыс жумыслары шеңберинде 14,4 млрд. сум қаржы тийкарында районлық Туўыў комплексиниң жаңа имаратын қурыў жумыслары әмелге асырылды. Нәтийжеде, тоқсанға шамалас туўыў жасындағы ҳаялларға, соның ишинде аналар ҳәм балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылды.
Усы тийкарда Әмиўдәрья районы халқының ийгилиги ушын хызмет етиўши және бир имарат пайдаланыўға тапсырылды.




















