Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен, ҳәр ай даўамында балалар ҳәм жас өспиримлер саламатлығы итибарға алынып келинбекте.
Ис режеге муўапық усы айдан баслап, 7 июлға шекем “Наўқаслығы бойынша диспансер қадағалаўында турған ҳәмде нәгиранлығы болған балалардың денсаўлығын беккемлеў” айлығы шөлкемлестирилип, республикамыз бойлап даўам етпекте. Республика қәнигелестирилген илимий әмелий педиатрия медицина орайынан ҳәм республика балалар медицина орайынан тәжрийбели шыпакерлерден қуралған медицина топары, Қарақалпақстанда өз жумысын баслады. Шыпакерлер медициналық көрикти, Хожели районы медицина бирлеспесинен баслады ҳәм балалар ҳәм жас өспиримлерди медициналық көриктен өткерди. Медициналық көрик даўамында 200 ден аслам балалардың денсаўлығы қайта медициналық бақлаўдан өткерилди.Олардың арасынан 40 тан аслам балалар ҳәм жас өспиримлерге Республикалақ емлеўханаларға жолламалар берилди ҳәм операцияға мүтәжлиги бар болган балалар ушын имканыятлар жаратылды. Ҳәзирде медициналық көрик республикамыз бойлап даўам етпекте… ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
















