Ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жыл 9-февраль күнги 66-санлы қарары менен «Қарақалпакстан Республикасына туристлер ағымын және де көбейтиў, оларға қолайлы шәраятлар жаратыў мақсетинде 2024-жылдың апрель айынан баслап Нөкистен Истанбулға авиақатнаўларды жолға қойыў тапсырмасы берилген еди. Қарар тийкарында Өзбекстан ҳәм Туркия авиакомпаниялары арасында сөйлесиўлер алып барылып, Нөкис-Истанбул жөнелисинде пәрўазларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди. Бул тапсырма бойынша Халықаралық ҳаўа транспорты ассоциациясы (IATA) ҳәм Халықаралық пуқаралық авиациясы (ICAO) шөлкемлериниң авикомпаниялар ҳәм халықаралық жөнелислерде жаңа авиақатнаўларды жолға қойыў усынысларын муўапықластырыў, тийисли авиашөлкемлерден рухсатнамлар алыў, сондай-ақ, сатыўды әмелге асырыў ушын пәрўазларды автоматластырылған глобал сатыў платформаларында («Аmadeus CRS) дизимнен өткериў, шерик агентлер менен сөйлесиўлер өткериў ҳәм сол киби мәселелерди әмелге асырыў ушын қосымша ўақыт талап етилиўине байланыслы усы жылдың апрель айынан баслап билетлерди сатыў ҳәм июнь айынан баслап ҳәптеде бир мәрте Истанбулға авиақатнаўларды жолға қойыў белгиленди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes