Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Қарақалпақстан Республикасында медициналық хызмет көрсетиўдиң жаңа модели ҳәм қаржыландырыў механизмлерин енгизиў мәселелерине бағышланған видеоконференц байланыс тәризиндеги мәжилис өткерилди.
Оған Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан тараў қәнигелери, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фонды, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Нөкис қаласы, Кегейли, Шымбай, Қоңырат районлары ҳәкимликлери ҳәм медицина шөлкемлериниң ўәкиллери қатнасты.
Мақсет – Қарақалпақстан Республикасы халқын ҳәм мәпдар шөлкемлерди, пуқараларды мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасында әмелге асырылып атырған медициналық хызметтиң жаңа модели ҳәм қаржыландырыў системасы менен таныстырыўдан ибарат.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фондының атқарыўшы директоры З.Эрматов, «LEAP USAID» жойбарының қаржы мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси М.Қалиевлар шығып сөйлеп, соңғы жылларда елимизде денсаўлықты сақлаў бағдарында әмелге асырылған реформалар, денсаўлықты сақлаў системасын қаржыландырыўды жаңа модельге өткериў мәслелелери бойынша тоқтап өтти.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети



















