
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлимлеме хызмети тәрепинен Республикалық қәнигелестирилген көз микрохирургиясы илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалына ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.
Филиалда дәслеп баспасөз конференциясы өткерилип, онда орай директорының орынбасары Абдулазиз Мадаминов қатнасыўшыларға өткен жылы ҳәм быйылғы жылдың биринши шереги даўамында әмелге асырылған жумыслар туўралы мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, өткен жыл даўамында республикамыздың көплеген жерлеринде жеке меншик көз клиникаларының көбейгенлиги себепли, орайға келиўши наўқаслардың саны, атап айтқанда, 2024-жыл даўамында алдынғы жылдың усы дәўири менен салыстырғанда филиал поликлиникасына келиўшилердиң улыўма саны 6,5 процентке (31593/29529) азайған. Орайда 3397, соның ишинде, 2100 наўқас жеңиллетилген шараятта стационар түрде емленген. Көзге байланыслы рефракциялық, витреал, кератопластикалық, глаукомаға қарсы, птеригиумектомиялық, дакриоцисториностомиялық, көздиң қыйсықлығын дүзиўлеў, көздиң алдынғы бөлими лазер хирургиясы, артқы бөлими лазер хирургиясы, эвисцерация, энуклеация сыяқлы жәми 2871 тийкарғы хирургиялық операциялар исленген.
Мағлыўмат ушын, филиал алдағы ўақытлары грантлар, төлемли хызмет ҳәм өзлериниң қәрежетлери есабынан витрио хирургия ушын EIBOS, Haag-Streit Surgical оптикалық системасын, фундус камера функциялы ОСТ үскенесин алыўды, витрио хирургия шыпакерлерин таярлаўды, факоэмульсификатор Catarex III алыўды, 3 шыпакерди Wetlab катаракта факоэмульсификация хирургиясы бойынша Ҳиндстанның “Accura” клиникасында оқытыўды режелестирмекте.
– Мен 60 жастаман. Нөкис қаласында көп жыллардан берли жасап атырман. Жақында көзим аўырып, емлеўханаға көринип едим. Филиалда көз катарактасы бойынша операция исленеди екен. Бүгин операция ислеттим. Шыпакерлердиң қолы жеңил екен. Операцияны аңсат иследи. Барлық шыпакерлерге миннатдаршылық билдиремен. Енди операциядан кейинги қосымша емлеўдемен,-дейди Зулайҳа Сағитова.
Илаж даўамында қатнасыўшылар бөлимлердиң жумыслары менен танысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.





