Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022 жыл 7-июлдағы 310-санлы “Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024 жылларда халықтыӊ саламатлығын қорғаўды күшейттириў ҳаққында”ғы қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Республикалық балалар туберкулезге қарсы гүресиў санаториясы мәжлислер залында Ташкент қаласынан келген қәнийгелер тәрепинен “Саламат турмыс тәризи тийкарлары ҳәм жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы” бойынша арнаӯлы семинар    өткерилди.

Семинарды “Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық ҳәрекетшеңлигин асырыў орайы директоры Нодира Алиханова Миршавкатовна алып барды. Семинарға Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы шаңарақлық поликлиникалар, Амудәрья, Нөкис ҳәм Хожели районлық медицина бирлеспелери қәнигелери қатнасты. Семинарда халықтың туўры аўқатланыўын шөлкемлестириў, артықша салмақтың(семизликтиң) алдын алыў илажлары  бойынша түсиниклер берилди. Себеби туўры-натуўры аўқатланыў көплеген кеселликлердиң әсиресе жүрек қан тамыр кеселликлериниң қантлы диабет кеселликлериниң, қан басымы көтерилиўи, инсульт, инфаркт сыяқлы кеселликлердиң келип шығыўына себеп болмақта. Бул кеселликлердиң алдын алыў ушын туўры аўқатланыў қағыйдаларына бойсынып жасаў, ҳәмме ўақыт ҳәрекетшеңлик жағдайында болыў үлкен әҳмийетке ийе,-дейди “Халықтыӊ саламат турмыс тǝризин қоллап-қуӯатлаӯ ҳәм физикалық ҳәрекетшеӊлигин асырыӯ” орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими Нөкис қалалық бөлими баслығы Т.Рахметова

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Малимлеме хызмети