Жақын адамыӊыздан сыйлыққа гүл алсаӊыз, ол сизиӊ кеўлиӊизди көтерип қоймай, денсаўлығыӊызғада өз тәсирин тийгизип сиздиӊ мийиӊиздиӊ тынышланыўына алып келеди

Сондай-ақ бөлме гүллери инсан организимине өз тәсирин тийгизип, сизге өзгеше кейпият бағышлап турады.

Әдетте жақын адамға гүл таӊлаўда оныӊ сыртындағы орамына көп итибар аўдарамыз, бирақ гүллер инсанға өз реӊлери менен тәсир тийгизеди.
Қайсы реӊдеги гүл, инсан организимине қалай тәсир тийгизиўин төменде билип алыўыӊыз мүмкин.

Сары реӊдеги гүллер.Инсан организиминде зат алмасыўды жақсылайды.Иммунитетти көтереди.Бул реӊдеги гүллерди тез ашыўланатуғын ҳәм ойлана беретуғын адамларға берген мақул.

Қызыл реӊдеги гүллер. Бул реӊдеги гүллер мийдиӊ психикалық белсендилигин асырады.Қандағы адреналинди көтереди, адамға күш-қуўат береди.Бул реӊдеги гүллер шаршаўды басады.Егер бөлмеӊизге қызыл реӊдеги ашып турған гүллерди қойсаӊыз, тыныш уйқыға кетиўге ҳәм сизде қуўаныш сезимлери пайда болыўына алып келеди.Бул реӊдеги гүлден саўға алған адам, көп ўақытқа шекем гүл берген инсанды умытпайды.Бул болса еслеў қәбилетиниӊ күшейиўине алып келеди.

 

Жасыл реӊдеги гүллер.
Бул реӊдеги гүллер организимде кери тәсир етиўши энергияны қуўып,стрессти басады.Жасыл реӊли гүллер мийдиӊ тез ислеўине ҳәм тез шаршаўдыӊ алдын алады.Егер ҳәмийше жасыл гүллерди үйинде ҳәм жумыс ханасында көретуғын адам болса, ол ҳеш қашан ашыўланбайды.
Зийрек ҳәм қуўнақ болады.

Көк реӊдеги гүллер. Көк реӊдеги гүллер түнде тыныш уйқылаўға жәрдем береди.Жаман ўақыяларды ойлаўдан сақлайды.
Көздиӊ көриў қәбилетине тәсир тийгизип, көзди тынышландырады.

Улыўмаластырып айтқанда ҳәр бир гүл реӊи ҳәм олардыӊ ийси инсан организимине ҳәр тәреплеме пайдалы болып есапланады.
Бирақта арамызда гүллерге аллергиялық кесселиги қозғалатуғын инсанларда табылып қалады.

Егерде гүллердиӊ инсанға пайдасы туўралы азғантай мағлыўматқа ийе болсаӊыз, сизде гүллер өсириўди баслаӊ ҳәм гүллер саўға етип турыўды умытпаӊ.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети