Бүгин Нөкис қаласы “Теле орай” МПЖ да жайласқан, Нөкис қаласы медицина бирлеспесине қараслы 10 санлы шаңарақ поликлиникасы пайдаланыўға тапсырылды.
Ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Д.Қурбаниязов, ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М.И.Қурбанов қатнасып медицина тараў хызметкерлерин жаңа поликлиниканың ашылыў салтанаты менен қызғын қутлықлады.
Бул шаңарақ поликлиника Өзбекстан Республикасы Министрлер Ковинетиниң 2022-жыл 19-апрельдеги “2021-2022 жылларда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласында шәраяты аўыр мәҳәллелерде социал экономикалық, турмыс ҳәм инфраструктура жағдайы менен байланыслы мәселелерди шешиў ис-иләжлери
ҳаққында” ғы МКҚ -223-санлы қарарына тийкар мәмлекетлик инвестиция дәстүрине киритилип,қурылыс жумыслары “Gentiklash Qurılıs” ЖШЖ тәрепинен қурылыс жумыслары әмелге асырылды.
Қурылыс жумысларына 3,3 миллиард сўм қаржы ажратылды.
Ендигиден былай жаңа поликлиника Нөкис қаласының 4-5-8-санлы шаңарақ поликлиникалары тәрепинен хызмет көрсетип келген “Теле орай”, “Алтын жағыс”, “Боз аўыл”, “Наўқан бағ” МПЖ да жасаўшы 18 мыңнан асламырақ халыққа бирлемши медициналық хызмет көрсетеди.
Шаңарақ поликлиникасы ең соңғы медициналық үскенелер менен тәмийнленген болып, бәрше шәрт-шәраятлар жаратылған.
Жаңадан ашылған шаңарақ поликлиникасында тәжрийбели шыпакерлер ҳәм мийирбийкелер халық саламатлығын сақлаўда әдиўли хызмет етиўине исеним билдиремиз.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети





















