Усы жылдың өзинде медицина тараўында қурылыс жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға бир қатар имаратлар тапсырылды.Әлбетте бундай өзгерислер пуқаралардың медициналық хызметтен туўры пайдаланыў ҳәм өз саламатлығын асраўдан дерек береди.
Усындай ири оңлаў жумысларынан шығып, қайта пайдаланыўға тапсырылған пайтахтымыздағы Республика қәнигелестирилген дермотовенерология ҳәм касметология илимий-әмелий медицина орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлык филиалы болып есапланады.
Емлеўхана имараты ески аҳўалда халыққа нешше жыллардан берли хызмет көрсетип киятырған еди.
Ал бүгинги күнде имаратқа мәмлекет тәрепинен 5 млрд 623 млн 800 мың қаржы ажратылып, “Керамика курылыс сервис” МЧЖ тәрепинен реконструкция жумыслары әмелге асырылып пайдаланыўға тапсырылды.
Бүгин усы имәраттың ашылыў мәресими болып өтти.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министри орынбасары А.Асқаров шығып сөйлеп жыйналғанларды ҳәм медицина тараў хызметкерлерин имәраттың ашылғаны менен қутлықлады.
Қурылысшылар тәрепинен пардозлаў ҳәм ҳәр қандай қолайлықлар жаратылған имәратта медицина тараў хызметкерлери өз жумысларын баслады.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
















