Майлар биринши гезекте организмдеги клеткалар ҳәм барлық процесслер ушын энергия дәреги есапланады. Майлар есабына энергия пайда болады ҳәм бул жанылғы сыпатында ислетиледи.
Соның менен биргеликте, майларда ерийтуғын витаминлар бар болып, булар: А, D, E, ҳәм K витаминлери. Бул витаминлер майларсыз организмге сорылмайды ҳәм өз ўазыйпасын атқара алмайды. Бул витаминлер иммун системасы искерлигинде, организмди қартайыўдан сақлаўда, клетка мембраналары пүтинлигин сақлаўда ҳәм басқа процесслерде қатнасады.
Майлар организмди суўықтан сақлаўда да керекли есапланады. Сондай-ақ, майлар жынысый гормонлар пайда болыўы ҳәм сақланыўында да қатнасады.
Пайдалы майларды қабыл етиў тийис. Бундай майлар қызыл балық, ғоза, авокадо, өсимлик майларында бар.

ҚР Денсаўлықты саклаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

“Шыпакер” газетасынан алынды.