Бир нешше жыллардан берли Германияның Өзбекстандағы шериклик шөлкеми “GIZ” тәрепинен Республикамызда медицина хызметкерлерин заманагөй медицина аппаратураларында жумыс ислеў,оларды сақлаў бойынша қәўипсизлигин тәмийнлеўди уйретиў мақсетинде оқыў семинарлары шөлкемлестирилип келинбекте. Республика қыстаўлы медицина тез жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалында усындай оқыў-семнар курсларында филиал шыпакерлери белсенди қатнасты. Республика қыстаўлы медицина тез жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалына 2022 жыл 9 декабрь күни “GIZ” Германия шериклик шөлкеми қәнигелери мийманда болды.
Қәнигелер филиалға берилген жоқары технологиялық медициналық аппаратураларды басқарыў,олардың узақ мүддет жумыс атқарыўын тәмийнлеў ҳәмде үскенелерди санитария тазалаўдан өткизиў бойынша ислеп шығылған қолланбалар (Рус ҳәм өзбек тилинде ) презентациясы болып өтти. Соның менен бирге ҳәзирги күнде әҳимийетли болған “Қәўипсизлендириў ҳәм қайта ислеў бериў” бойынша ҳәм қолланба презентациясы болып өтти ҳәм филиал қәнигелери жоқары технологиялық үскенелерди басқарыў ҳәм пайдаланыў бойынша түсиниклерге толық ийе болды. Бундай семинарлар ҳәм ушрасыўлар филиал шыпакерлериниң, әсиресе республикамызда шыпакерлердиң ҳам заманагөй медицина үскенелерде ислеў ҳам баскарыў имканиятын асырады.Бул өз нәўбетинде халқмызға заманагөй,жәҳан стандартларына сәйкес келиўши жоқары технологиялық медициналық жәрдем қөрсетиўге ҳәм көрсетилип атырған медициналық жәрдем сапасының жоқарылыўына алып келеди.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
















