Уразымбет Халмуратов
1900-1981жж.
Уразымбет (Оразымбет, Уразмет) Халмуратов 1900-жылы 28-февраль күни, Төрткул районында, «Аққамыс» аӯылында туӯылды. Ол 1923-1924-жыллары Төрткул қалалық ҳалық билимлендириӯ бөлими оқыӯ курсында (баслығы Қасым Ауезов) оқыйды, 1924-1927-жыллары Ташкент қаласындағы үлкелик (краевой) медицина техникумында, 1927-1932-жыллары САГУ-диң медицина факультетинде (САМИ, ТашМИ) оқып билим алады.
У.Халмуратов жергиликли ҳалық арасынан шыққан биринши медицина хызметкери, фельдшер ҳәм шыпакери болды. Ол 1927-1932-жыллары Ташкентте медициналық мәкемеде фельдшер болып ислейди, 1932-1938-жыллары Төрткул Республикалық емлеӯханасы бас шыпакери ҳәм хирург врачы, 1938-1942-жыллары Қарақалпақстан АССР Денсаӯлықты сақлаӯ ҳалық комиссары (министри) орынбасары, 1942-1949-жыллары Нөкис Республикалық емлеӯханасы хирургия бөлими баслығы, санавиация борт врачы, 1949-1963-жыллары Қарақалпақстан АССР Денсаӯлықты сақлаӯ министрлигиниң бас штатлы хирург шыпакери, 1963-1981-жыллары, өмириниң соңғы демине дейин 1-санлы Республикалық емлеӯхананың санитар авиация бөлими борт врачы болып ҳалқына ҳадал хызмет иследи.
У.Халмуратов 16-жыл (1946-1962жж.) бурынғы Аӯқам (Москва) Жоқарғы Кеңеси депутаты болды, жалынлы шыпакердиң ҳадал мийнетлери мәмлекетимиздиң көп санлы орденлери, медаллары, атақлары менен белгиленди. Өзбекстанда медицина тараӯы хызметкерлери арасында дәслепкилерден болып оған ең жоқарғы «Мийнет Қаҳарманы» ҳүрметли атағы 1969-жылы 4-февраль күни берилди…
Қаҳарман шыпакердиң атына ол дүньядан өткеннен соң, бир өмир өзи жумыс ислеген 1-санлы Республикалық емлеӯхана қойылды, усы емлеӯхана 1-санлы У.Халмуратов атындағы Республикалық емлеӯхана деп аталды.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
















