📌 Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ескертеди.
📣 Өз өмириңизди қысқартыў ҳәрекетин тоқтатың ! 🚬
⌛️ Сигарет шегиў инсан организминде ҳәр түрли кеселликлерди келтирип шығарады.Оның түтини ишки организмниң бәршесине кери тәсирин тийгизеди.Мысал ушын төмендеги жағдайларды алып қарайық…
🩺 Созылмалы бронхит:
Дем алыў системасының онкологиялық кеселликлери:
🩸 Жүрек-қан тамыр патологиялары (артериал гипертония,қан тамыр тромбозы ҳәм басқада кеселиклер)
🫁 Өкпе рак кеселлиги менен наўқасланғанлардың 90% анамнезида шегиў жағдайын статистика тастыйықлайды.Буннан тысқары,бронхит ҳәм емфиземадан өлим жағдайларының 75% усындай зыянлы әдетлерден қуралады. Шегиўшилердиң жүрек наўқаслығы 25% жағдайда аўырлаў кешеди ҳәм көп жағдайда өлимге алып келеди.
🧠 Сигарет түтининен жәбир шекпейтуғын ағза жоқ: ҳәмийше шегиўшилердиң жүреги, шекепейтуғынлардың жүрегине қарағанда ҳәлсиз болып қалады.
Бириншиден, ҳаўа өкпеге аз муғдарда жетип барады, екиншиден организмде кислород алмасыўы бузылады.Нәтийжеде мий, баўыр,бүйреклер, улыўма репорадуктив система бузылады.Сонлықтан ҳәр түрли кеселлик пенен наўқасланыўлар ҳәм өлим менен жуўмақланыўшы көрсеткишлер сезилерли дәрежеде артады.
🦷 Шегиў тислердиң қайта тикленбеўши кеселликлерине, тырнақтың сынып қала бериўи, шашлардың төгилиўине алып келеди.
Аўызда пайда болатуғын жаман ийис ҳеш қандай дәри менен кетпейтуғын болып қалады.Тери өз көринисин жойтып 10-15 жасқа қартаяды.
🧠 Мийдиң программасы бузылып,есте сақлаў қәбилети пәсейеди.
Көриў.Шегиў нәтийжесинде көздин реңлерди ажратыў қәбилети төменлеп баслайды ҳәм бул аўыр жағдайға алып келеди.
🩻 Шегиўшилерде пайда болатуғын кеселликлерди даўам ете берсек жүдә көп…
🚬 Бүгинги күнде сиз бир қуты сигаретти 15.000 сўмға сатып алып шегесиз.
Ал, енди буның менен сизиң саламатлығыңыз жақсы тәрепке өзгереди ме ❓❗️
Усы бир қуты сигареттиң пулына мийўе алып жесеңиз организмиңиз сизге миннетдар болар еди. 🍏🍎🍐🍋🍌🍇
❌ Ҳүрметли сигарет шегиўши пуқаралар,сигарет шегиўди ҳәзирден тоқтатыўды сизге ескертемиз.Өз саламатлығыңызды өзиңиз асыраўыңызды соранамыз.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
✅ @qrdssm
















