#Байрам_қутлықлаўы

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәжлислер залында, 8-март-Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрам мүнәсибети менен, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри А.Иноятовтың байрам қутлықлаўы тыңланды.
Қутлықлаў, республика бойлап видео конференция аркалы толық түрде амелге асырылды.

Қутлықлаў даўамында министр А.Иноятов, Президентимиз тәрепинен байрам қарсаңында тастыйықланған, мәмлекетлик сыйлықларға ылайық деп табылғанлар арасында , медицина хызметкерлериниң саны айрықша екенлигин мақтаныш пенен айтып өтип, бәршени байрам менен кең түрде қутлықлады.

Байрам қарсаңында, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының, Қарақалпақстан филиалы жанландырыў бөлими шыпакери,
Каипова Гүлистан Сарсенбаевнаның «Дослық» ордени менен сыйлықланғаны, Қарақалпақстан медицина хызметкерлери ушын үлкен итибр болды.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты саклаў министри М.Қурбанов байрам қутлықлаўларын даўам етип, министрликтиң бәрше ҳаял-қызларын байрам менен қызғын қутлықлап,байрам саўғаларын тапсырды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети