У.Халмуратов атындағы республика көп тармақлы емлеўханада бүгинги күнде жети жүзден аслам медицина тараў хызметкерлери жумыс алып барады. Ҳәзирде емлеўханада 662 ҳаял-қызлар, халқымызға медициналық хызмет көрсетип келмекте. Бүгинги күде усы республикалық көп тармақлы емлеўхананың ҳаял-қызлардан қуралған басшы шыпакерлерин, байрам мүнәсибети менен сизге жақыннан таныстырып өтпекшимиз. Емлеўхана бас шыпакериниң “Экономикалық ҳәм улыўма ислер” бойынша орынбасары Қошқарова Гүлбаҳар Қалбаевна, 2018-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. Емлеўхананың “Ревматология” бөлими баслығы, тәжрийбели шыпакер Дальжанова Замира Матжановна 2006-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. Емлеўхананың “Қабыллаў” бөлими баслығы, Бегжанова Тамара Алланиязовна 2019-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. Емлеўхананың “Ишки дәрихана” бөлими баслығы, Омарова Гүльназ Алланиязовна 2010-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. Емлеўхананың “Мәсләҳәт поликлиникасы” басқарыўшысы, Ережепова Мийргуль Жугинисовна 2008-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. Емлеўхананың “Пульмонология ҳәм аллергология” бөлим баслығы, тәжрийбели шыпакер, Мамбеткаримова Гүлжәхан Абдикаримовна 2016-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте . Емлеўхананың “Нефрология” бөлим баслығы, Халмуратова Рая Назарбаевна 2013-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. Емлеўхананың “Физиотерапия” бөлими баслығы, Ганиева Тазагүл Бегдуллаевна 2008-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. Емлеўхананың “Клиник-диагностик лаборатория” бөлим баслығы, Хаджиева Насиба Шамуратовна 2011-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. Емлеўхананың “Гематология” бөлими баслығы,тәжрийбели шыпакер, Алмаганбетова Улбосын Қартжановна 2008-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. “Ўатан пидайысы” көкирек белгиси нышаны ийеси. Ҳаял-кызлар шаңарақта, жәмийетте белгили орынға ийе, олар өз касибиниң пидайылары болып халқымызға хызмет етип келмекте. Бүгинги 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы менен бәрше ҳаял-қызларымызды байрам мүнәсибети менен қутлықлап,оларға шаңарақларында аўызбиршилик ҳәм беккем денсаўлық тилеп қаламыз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети