Дәрихана хызметкери наўқасқа дәри өнимин усыныс етиўи дурыс па?
— Дәри өнимлери ҳәм медициналық буйымларды усақлап реализация етиў Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 6-апрельдеги 185-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға (https://lex.uz/docs/3155768#3155877) тийкар әмелге асырылады.
Оған муўапық, дәри өними ҳәм медициналық буйымды бериў ўақтында дәрихананың фармацевтик мағлыўматқа ийе болған хызметкери қарыйдарға төмендегилер ҳаққында мағлыўмат бериўи лазым:
• дәри өними ҳәм медициналық буйымды қоллаў тәртиби,
• қоллаў мүддети, бир мәртелик ҳәм суткалық дозалары,
• қоллаў усылы,
• сақлаў тәртиби,
• жарамлылық мүддети ҳәм басқалар.
Сондай-ақ, дәрихана хызметкери қарыйдар итибарын дәри өними ҳәм медициналық буйымның қолланбасы менен танысып шығыўға қаратыўы керек.
Дәрихана хызметкери тутыныўшы (ямаса наўқас) жағдайына қарап дәри усыныс етиўи, сондай-ақ, емлеўши шыпакер көрсетпесине муўапық рецепт пенен берилетуғын дәри рецептсиз бериўин, әлбетте, надурыс болады.
Себеби, наўқастың кеселлик тарийхы, ондағы физиологиялық жағдай ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болмай турып, өзбасымшалық пенен дәри усыныў аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
Нызамшылыққа муўапық, 2020-жыл 1-июльдан (https://lex.uz/docs/4880063) баслап мүлкшилик формасы ҳәм ҳәкимшилик бағынышлығына қарамастан барлық медицина шөлкемлеринде наўқасқа мәжбүрий тәртипте халықаралық патентленбеген ат (https://t.me/uzpharmcontrol/57) бойынша рецепт жазылыўы белгиленген.
Бунда наўқасқа тайынланған дәри өнимлери (халықаралық патентленбеген аты, бир күнлик дозасы, қабыл етиў ҳәм жибериў усылы, муғдары, даўамыйлығы ҳәм басқалар) оның медициналық есап ҳүжжетлеринде (кеселлик тарийхы, амбулатория картасы) дизимге алынады ҳәм емлеўши шыпакер тәрепинен қол қойылады.
Тилекке қарсы, соған қарамай, айырым дәриханаларда рецепт пенен берилиўи лазым болған дәри өнимлерин рецептсиз бериў жағдайлары бақланбақта. Бул болса өзбасымшалық пенен емлениў ҳәм дәри өнимлерин тәртипсиз тутыныўы нәтийжесинде түрли кери тәсирлерди келтирип шығармақта.
Усы орында, ўатанласларымыздан дәри өнимлери шыпакер көрсетпесине муўапық сатып алыўы ҳәм оларды қабыл етиўде, әлбетте, қолланбасына қатаң әмел етиўин сорап қаламыз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети