Кейинги ўакытларда медицина тараўында халықаралық бирге ислесиў ҳәм сырт ел тәжрийбесин елимиге алып кириў бойынша, Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен бир катар жумыслар әмелге асырылмақта.
Усындай бирге ислесиўлер шеңберинде, Россия мәмлекетиниң медицина тәжрийбесин елимизде қоллаў ҳәм медицина хызметкерлерине үйретиў максетинде жыл басынан берли бир қатар жойбарлар белгилеп алынған еди.
Ҳәзирде Қарақалпақстан Республикасы Денсаулықты саклаў министрлиги қурамынан дүзилген топар ағзалары Россия мәмлекетиниң, Санкт-Петербург қаласында хызмет сапары менен болып турыпты.


12-19 май күнлери Санкт-Петербург қаласының медицина орайларында аналықты-балалық саламатлығын қорғаў,периентал жәрдемди сапалы шөлкемлестириў, хроник наўқаслығы бар балаларды ерте анықлаў ҳәм емлеў, реабилитация мәселелери бойынша тәжрийбе арттырыў мақсетинде хызмет сапары шөлкемлестирилген.
Министрлик қурамынан дүзилген топарға, ҚР Денсаўлықты саклаў министри орынбасары А.Асқаров басшылық етпекте.

-Биз Санкт-Петербург қаласына келгенимизде, бизди бул жердеги қәнигелер жақсы күтип алды.
Жумыс күнимизди Санкт-Петербург қаласының перинатал орайынан басладық.Бул жерде тәжрийбели шыпакерлер ҳәм басқада қәнигелер менен пикир алысып, семинарлар шөлкемлестирилип атыр.Биз бул жерде айтарлықтай тәжрийбе алмасып атырмыз-дейди министрликтиң аналар ҳәм балаларға медициналық жәрдемди шөлкемлестириў бөлиминиң бас қәнигеси
Г.Аширбекова.

Әлбетте раўажланған медицина бар жерде, наўқаслар ушында ҳәр тәреплеме имканыятлар жаратылады.Елимизде қаншелли медицина раўажланса пуқаралар ушын қолайлықлар болады.

Санкт-Петербург қаласында болып атырған хызмет сапары даўамында тәжрийбе алмасыў ҳәм меморандумлар имзалаў бойынша жумыслар даўам етпекте…

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети