Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ 2022 жыл 20 майдағы “Өзбекстан Республикасы “ Инсан ағзалары ҳәм тоқамаларыныӊ трансплантациясы туўрысында” ғы қарар орынланыўын тәмийнлеў ҳаққында” ғы 144-санлы буйрықтыӊ 5-бөлиминде қарарды орынлаўшыларға толық түрде түсиндириў ҳәм дурыс жеткериў бойынша тапсырмалар белгилеп өтилген еди.Усы қарардыӊ орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде Республикамыздағы У.Халмуратов атындағы көп тармақлы емлеўханада, Нөкис қаласы ҳәм барлық район медицина бирлеспелеринде, тийисли қәнигелер менен ушрасыўлар шөлкемлестирилди.Ушрасыўда қарар мазмуны ҳәм оныӊ орынланыў тәртиплери бойынша түсиниклер берилип өтилди.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
















