Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде “Денсаўлықты сақлаў тараўын коррупциясыз тараўға айландырамыз !” атамасында 3 басқыштан ибарат таңлаў өткерилди. Таңлаў “9 декабрь -Халқара коррупцияға қарсы гүресиў күни” не бағышланып өткерилди. Таңлаўға қала ҳәм барлық район медицина бирлеспелери бас шыпакерлери ҳәм республика емлеў-профилактика орайлары бас шыпакерлери белсенди түрде қатнасты. Таңлаўдың биринши басқышында қатнасыўшылар өзлери басқарып киятырған жумыс орнында коррупцияға қарсы қандай жумыслар әмелге асырылып атырғанын ҳәм бул бойынша қандай нәтийжелер болғаны бойынша толық түрде баянат бериў болды. Екинши шәртте ҳәр бир қатнасыўшыдан коррупция бойынша билимлерин сынап көриў мақсетинде олардан, тест сынақлары алынды. Ушинши шәртте болса, қатнасыўшылар өзлери таярлап келген бағдарламалар арқалы, коррупция ҳәрекетлерин болдырмаў бойынша усынысларын берип өтти.   Таңлаў жуўмағында белсенди қатнасыўшылар ҳәм жеңимпазларға министрлик тәрепинен арнаўлы дипломлар ҳәм қымбат баҳалы саўғалар берилди. Таңлаў жуўмағында министрдиң орынбасары Т.Сарбаев шығып сөйлеп,таңлаў қатнасыўшыларына миннетдаршылық билдирип,жеңимпазларды қутлықлап өтти.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети.