Күн суўықта азғантай ишсек ҳеш нәрсе етпес ямаса …

“Азғантай ишсең ҳеш нәрсе болмайды”- буны шыпакерлерде бийкар етпейди- деп айтыўшыларда бар, мениң шыпакер ретинде төмендеги пикиримди қайта-қайта оқып алың:Спиртли ишимликлердиң бир граммы да инсан организимине зыянлы !!! Спиртли ишимликлер -азық аўқат өними:Бундай деўимиздиң мәниси бар. Себеби спиртли ишимликлер ҳәр бир дүкәнда сатылатуғын болғанлығы ушын көпшиликте усындай түсиник бар. Тийкарынан қандай еди ?! Өткен әсирдиң 70 жыллары Дүнья жүзлик денсаўлықты сақлаў шөлкеми (Пивоны да) наркотик затлар қатарына кириткен. Азғантай ишсең зыяны жоқ- бул айырым “Адамлар” ойлап тапқан “мәсләҳат”. Ҳәзирге дейин спиртли ишимликлердиң аз муғдарының зыяны жоқлығы ямаса пайдасын тастыйықлайтуғын бирде бир илимий жумыс жоқ. Тийкарынан ҳәммеси аз-аздан ишиўден басланады ҳәм ўақыт өтиўи менен көбейип бара береди. Академик Павлов аз муғдардағы спиртли ишимликтен соң,инсан рефлекслери 7-14 күннен кейин өзине келиўи ҳаққында айтып өткен.Аз муғдарда спиртли ишимлик ишиўшилердиң 85% ниң мийи 4 жылда “қурыўы” мүмкинлиги анықланған. Ал тойып ишкеннен кейинги баўырдың өз функциясына қайтыўы ушын 40 күн керек болады. Спиртли ишимликлер аязлаўға қарсы жәрдем береди ҳәм денени қыздырады: Франция пәнлер академиясы өткизген тексериўлерине қарағанда спиртли ишимликлер грипп вирусының ҳеш бир түрине тәсир тийгизбейди екен. Иммун системасын пәсейтип, кеселликти аўыр жағдайға алып келеди. Денени қыздырыўы бойынша бир нәрсени айтып өтпекшимен: Ҳәтте әпиўайы суў да инсан организимин қыздырады! Кофе ҳәм спиртли ишимликтиң қыздырыў дәрежеси тексирилген. Кофе күшли ҳәм узақ мүдеттке қыздырыў тәсиринде болған. Спиртли ишимлик инсанның кеўил кейпиятын көтерип,стрессде жәрдем береди: Бундай жағдайлар мий тоқымасын тормызлаў ҳәм ўақытша мийдиң функциясының өзгериўинен келип шығады.Ал бундай жағдайда инсанда басқа стресслер келип шығады. Инсан өзине келген ўақтында еки есе рухый жақтан езиледи. Спиртли ишимлик иштейди ашады: Алкоголь сиңириў жолына түскеннен соң, көп муғдарда шире ажратады. Буның есесине инсанда “өтирик” ашлық пайда болады. Бул жағдай әдетий болса ас сиңириў безлери зақымланады ҳәм асқазан дийўалларында жаралар пайда болады. Спиртли ишимликлер қан басымын пәсейтеди: Спиртли ишимлик жүрек урыў санын көбейтеди ҳәм буның тийкарында қан басымы көтериледи. Қымбат ҳәм сапалы спиртли ишимликтин зыяны жоқ: Ҳәр қандай етил спиртинен организмде зәҳәрли суў (уксус) алдегиди пайда болады. Ал сапасыз спиртли ишимликлерде бундай зыянлы уксус алдегидлери жоқарырақ болып есапланады. Улыўмаластырып айтсақ инсан организими зыянлы затлар менен бир мәрте зыянланса,наўқасланыўға бейим болады. Сонлықтан алтынға тең денсаўлығымызды ҳәр биримиз қәстерлеп абайлап асраўымыз керек.

Шыпакер Уролог: З.Муродов

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети