Мәмлекетимиз тәрепинен алыс аўыллық жерлердеги халықтың денсаўлығын беккемлеў оларға медициналық хызмет көрсетиў сапасын жетилистириў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Бул бағдардағы жумыслар, Қараөзек районындада басқышпа-басқыш жүргизилип атыр.
Райондағы «Қараөзек» АПЖ ны турғынлары көп жыллардан берли Шаңарақлық шыпакерлик пунктин қосып бериў бойынша район ҳәкимлигине мүрәжат еткен еди.
Бүгин усы пуқаралардың мүрәжатлары орынланып, емлеў орнының ашылыў салтанаты болып өтти.
Илажға, Қараөзек районы ҳəкими У. Утамбетов, Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары А.Асқаров ҳəм бир қатар аўыл ақсақаллары менен медицина хызметкерлери қатнасты.
Онда шығып сөйлеўшилер, аўыл халқын ҳәм медицина хызметкерлерин емлеў орайының ашылыўы ҳәм Рамазан айы мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, имараттың қурылыс оңлаў жумысларына қатнасқан қурылысшыларға өз миннедаршылықларын билдирди.
Буннан соң дәстүрий лента кесилип, емлеў орнындағы наўқаслар ушын жаратылған қолайлықлар ҳəм ишки мүмкиншиликлери менен танысып шықты.





















