Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жыл басынан берли бир нешше мәмлекетлер менен медицина тараўында бир қатар бирге ислесиўлерди әмелге асырмақта.Атап айтқанда қурамалы операциялар,тереӊлестирилген медициналық тексериўлердиӊ жасалма интелект ямаса соӊғы технология усылларында тексериў жумыслары алып барылмақта. Ҳәзирде У.Халмуратов атындағы республикалық емлеўханаға Германияныӊ Боон қаласынан келген, эдоскопист шыпакер Dr. Durkhard Greulich пуқараларды медициналық тексериўлерден өткермекте.Шыпакер елимизде усы айдыӊ ақырына шекем болады.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
















